Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Николаевский Ванёк
Николаевский Ванёк
Лачен пише
Лачен пише
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Николаевский Ванёк
Николаевский Ванёк
Лачен пише
Лачен пише
Joqarǵı keńes.uz avatar
Joqarǵı keńes.uz
Joqarǵı keńes.uz avatar
Joqarǵı keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёев Ғалаба боғидаги “Миллат фидойилари” хиёбонида бўлди ва хизмат бурчини бажариш чоғида ҳалок бўлган ҳарбий хизматчилар ва ҳуқуқ-тартибот идоралари ходимларининг оилалари билан суҳбатлашди. Давлатимиз раҳбари Иккинчи жаҳон уруши ва меҳнат фронти қатнашчилари билан ҳам самимий учрашув ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев Жеңис бағындағы «Миллет пидайылары» қыябанында болды ҳәм хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақлары менен сәўбетлести. Мәмлекетимиз басшысы Екинши жер жүзилик урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары менен де қызғын ушырасыў өткерди.

#Mirziyoyev #uchrashuv #Xotiravaqadrlashkuni #ehtirom

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
08.05.202504:09
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди

Усы пәрман менен бир қатар жеңилликлер берилди.


Ҳурматли Президентимизнинг Қорақалпоғистон Республикасини комплекс ривожлантириш, тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш ва аҳолининг фаровон турмушини таъминлаш борасидаги яна бир алоҳида муҳим фармони қабул қилинди

Ушбу фармон билан бир қатор имтиёзлар берилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Дуал таълим тўлиқ жорий қилиш мумкин бўлган соҳа тиббиёт экани таъкидланди.

Лекин тиббиёт олийгоҳлари қошидаги бирорта клиника уларнинг балансида эмаслиги бунга тўсқинлик қилаётгани қайд этилди.

Мутасаддиларга Қорақалпоғистон, Фарғона ва Урганч тиббиёт олийгоҳларига молиявий мустақиллик бериш, Қорақалпоғистон, Бухоро, Самарқанд, Тошкент, Фарғона ва Урганч тиббиёт олийгоҳлари клиникасини ҳам уларнинг таркибий тузилмасига ўтказиш топширилди.

Олийгоҳларнинг тегишли кафедралари клиника бўлимларидаги даволаш ишларини бошқаради.

Тиббиёт олийгоҳлари ректорлари
ўз тизимидаги клиник базаси бўлган бошқа муассасаларни ҳам таъмирлаш-жиҳозлашга масъул бўлади.

Дуал тәлим толық енгизилиўи мүмкин болған тараў медицина екени атап өтилди.

Бирақ, медициналық жоқары оқыў орынлары жанындағы бирде-бир клиника олардың балансында емеслиги буныӊ ушын тосқынлық етип атырғаны атап өтилди.

Жуўапкерлерге Қарақалпақстан, Ферғана ҳәм Үргенш медициналық жоқары оқыў орынларына финанслық еркинлик бериў, Қарақалпақстан, Бухара, Самарқанд, Ташкент, Ферғана ҳәм Үргенш медициналық жоқары оқыў орынларының клиникасын да олардың структуралық қурамына өткериў тапсырылды.

Жоқары оқыў орынларының тийисли кафедралары клиника бөлимлериндеги емлеў жумысларын басқарады.

Медициналық жоқары оқыў орынларының ректорлары өз системасындағы клиникалық базасы болған басқа да мәкемелерди оңлаў ҳәм үскенелеўге жуўапкер болады.


Facebook|Instagram|X
Афсуски, юртимизда болалардаги онко-гематологик касалликларнинг ярмидан кўпи сўнгги босқичларда аниқланмоқда.

Шу боис, худди онкологияда бўлгани каби болалар саратонига қарши курашиш бўйича ҳам беш йиллик дастур қабул қилинади. Бунга камида 110 миллион доллар йўналтирилади.

Болалар онко-гематология маркази ҳузурида “Болалар саратони бўйича академик хаб” ташкил қилиниб, юқори малакали хорижий мутахассислар олиб келинади.

Марказий Осиёда ягона бўладиган ушбу академик хабда
минтақамиздаги шифокорлар болалар саратони касалликларини эрта аниқлаш ва даволаш бўйича халқаро стандартлар асосида ўқитилади.

Шунингдек, жойлардаги болалар шифохоналарининг онко-гематология бўлимлари касалликни эрта босқичда аниқлайдиган энг замонавий ускуналар билан жиҳозланади.

Бу ишларни ташкил қилиш бўйича тегишли қарор лойиҳасини киритиш топширилди.

Тилекке қарсы, елимизде балалардағы онко-гематологиялық кеселликлердиң ярымынан көби соңғы басқышларда анықланбақта.

Сонлықтан, онкологияда болғаны сыяқлы балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша да бес жыллық бағдарлама қабыл етиледи. Оған кеминде 110 миллион доллар қаратылады.

Балалар онко-гематология орайы жанында "Балалар раги бойынша академиялық хаб" шөлкемлестирилип, жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелери алып келинеди.

Орайлық Азияда бирден-бир болатуғын бул академиялық хабта регионымыздағы шыпакерлер балалар рак кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм емлеў бойынша халықаралық стандартлар тийкарында оқытылады.

Сондай-ақ, орынлардағы балалар емлеўханаларының онко-гематология бөлимлери кеселликти ерте басқышта анықлайтуғын ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленеди.

Бул жумысларды шөлкемлестириў бойынша тийисли қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.


Facebook|Instagram|X
Тиббиётда 90 кунлик ўзгаришлар” дастури бошланиши эълон қилинди.

Бунда, вилоят ҳокимлари кутиш жойларида қулай ўриндиқларни кўпайтириб, навбатни тартибга келтириш, “она-бола” хоналарини ташкил қилиш, ногиронлиги борлар эркин ҳаракатланиши учун кириш-чиқиш жойлари, хона ва йўлакларда инклюзив муҳит яратиш, қўл ювишга иссиқ суви бор покиза ҳожатхоналар ташкил этиш учун масъул бўлади.

“Оддий қилиб айтганда, тиббиёт муассасасига маданият, тартиб-интизом, файз олиб кириб, одамларга ижобий кайфият улашади”,

- деди Президент.

Бунга ҳар бир вилоят ҳокими 10 миллиард сўмдан ажратади.

Мутасаддиларга бу ишларни бутун республикада тизимли ташкил қилиш, тўқсон кун натижаси бўйича Президентга батафсил ҳисобот бериш топширилди.

«Медицинада 90 күнлик өзгерислер» бағдарламасының басланатуғыны жәрияланды.

Онда, ўәлаят ҳәкимлери күтиў орынларында қолайлы орынлықларды көбейтип, нәўбетти тәртипке келтириў, «ана-бала» ханаларын шөлкемлестириў, майыплығы барлар еркин ҳәрекет етиўи ушын кириў-шығыў орынлары, хана ҳәм жолларда инклюзив орталық жаратыў, қол жуўыў ушын ыссы суўы бар таза ҳәжетханалар шөлкемлестириў ушын жуўапкер болады.

«Әпиўайы етип айтқанда, медицина мәкемесине мәденият, тәртип-интизам, пайыз алып кирип, адамларға унамлы кейпият бағышлайды»,

- деди Президент.

Оған ҳәр бир ўәлаят ҳәкими 10 миллиард сумнан ажыратады.

Жуўапкерлерге бул жумысларды пүткил республикада системалы шөлкемлестириў, тоқсан күнниң нәтийжеси бойынша Президентке толық есабат бериў тапсырылды.


Facebook|Instagram|X
Эндиликда тиббиёт бригадаси ҳамда унга бириктирилган аҳоли ўртасида ҳуқуқ ва мажбуриятларни белгиловчи икки томонлама шартнома тузилади. Аҳоли оилавий шифокорни эркин танлайди, бу жараёнларга хусусий оилавий шифокорлар ҳам жалб этилади.

Тиббий ёрдамнинг кафолатланган пакети тасдиқланади ва пакет доирасида тиббий хизмат ва дори воситалари тўлиқ бюджетдан қопланади.

Шунингдек, поликлиникада акушер-гинекологлар 2 баробар кўпаяди. Ҳар 3 минг бола учун 1 тадан педиатр штати янгидан қўшилади.

Бундан буён бирламчи бўғинда ярим ёки 0,25 ставка бўлмайди. Барча шифокор ва ҳамширалар фақат тўлиқ ставкада ишлайди.

Умуман, тумандаги маҳалла ва оилавий шифокор пунктлари, оилавий поликлиникалар фаолияти мақбуллаштирилиб, 12 мингдан кўп одамга хизмат қиладиган 7 та йирик поликлиника, қолган 27 таси кичик поликлиника сифатида қайтадан ташкил қилинади.

Тумандаги марказий поликлиника эса туман шифохонасининг маслаҳат-диагностика бўлимига айлантирилади. Барча тор соҳа мутахассислари шу ерда ишлайди.

Енди медицина бригадасы ҳәм оған бириктирилген пуқаралар арасында ҳуқық ҳәм миннетлемелерди белгилейтуғын еки тәреплеме шәртнама дүзиледи. Пуқаралар шаңарақлық шыпакерди еркин таңлайды, бул процесслерге жеке шаңарақлық шыпакерлер де тартылады.

Медициналық жәрдемниң кепилленген пакети тастыйықланады ҳәм пакет шеңберинде медициналық хызмет ҳәм дәри-дәрмақлар толық бюджеттен қапланады.

Сондай-ақ, поликлиникада акушер-гинекологлар 2 есеге көбейеди. Ҳәр 3 мың бала ушын 1 педиатр штаты жаңадан қосылады.

Буннан былай басланғыш буўында ярым ямаса 0,25 ставка болмайды. Барлық шыпакер ҳәм мийирбийкелер тек ғана толық ставкада ислейди.

Улыўма, райондағы мәҳәлле ҳәм шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалардың жумысы оптималластырылып, 12 мыңнан аслам адамға хызмет ететуғын 7 ири поликлиника, қалған 27 си киши поликлиника сыпатында қайтадан шөлкемлестириледи.

Райондағы орайлық поликлиника болса район емлеўханасының мәсләҳәт-диагностика бөлимине айландырылады. Барлық тар тараў қәнигелери усы жерде ислейди.


Facebook|Instagram|X
Президент Шавкат Мирзиёев Ғалаба боғига ташриф буюриб, “Матонат мадҳияси” ёдгорлиги пойига гулчамбар қўйди ҳамда "Хотира нури" композицияси билан танишди.

Президент Шавкат Мирзиёев Жеңис бағына барып, «Мәртлик гимни» естелигине гүл қойды ҳәм «Еслеў нуры» композициясы менен танысты.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районындағы исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер, исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Толық оқыў

Жўқорғи Кенгес Раиси Чимбой туманидаги тадбиркорлар билан учрашди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Чимбой туманидаги тадбиркорлар билан учрашув ўтказди.

Дастлаб Жўқорғи Кенгес Раиси ҳурматли Президентимизнинг Қорақалпоғистонга алоҳида эътибори билан қабул қилинган қарор ва фармонлар асосида берилган имтиёзлар, тадбиркорликни янада ривожлантириш бўйича яратилган шароитлар ҳақида кенг турда таъкидлаб ўтди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Тиббиётни ривожлантириш бўйича йиғилишда айтилган катта ташаббусларнинг ижроси жойларда, энг аввало, бирламчи бўғинда сўзсиз таъминланиши шартлиги қайд этилди.

Ҳар бир вазир, ҳоким, депутат ва сенатор жойлардаги шароитни ўз кўзи билан кўрса, қолаверса, ўзи ва оила аъзолари ўз ҳудудидаги оилавий поликлиникага чиқиб, ҳудудий шифохонасида даволанса, бу ислоҳотларнинг тезроқ пастга тушишига хизмат қилиши алоҳида таъкидланди.

Мутасадди раҳбарларга дори-дармон ишлаб чиқариш, олиб келиш, рецептли дориларни дорихонада сотиш, бу жараёнларни рақамлаштириш, тиббиёт тизимида маблағларни тўғри ишлатиш, рақамлаштириш ва суғуртани жорий этиш, коррупцияни йўқотиш, содда қилиб айтганда, одамларни рози қилиш бўйича ислоҳотлар ижроси устидан тўлиқ назорат ўрнатиш топширилди.

Ҳар бир поликлиника, шифохона, марказда одамларни тиббиётдан рози қилиш, қатъий интизом ўрнатиш ва маданият олиб кириш, бунинг ижросини мунтазам муҳокама қилиб, раҳбарларнинг жавобгарлигини кўриб чиқиш учун масъуллар белгиланди.

Йиғилиш давомида соҳа ва ҳудудлар раҳбарларининг ҳисоботлари ва қўйилган вазифалар ижросини ташкил этиш бўйича режалари тингланди.

Медицинаны раўажландырыў бойынша мәжилисте айтылған үлкен басламалардың орынланыўы орынларда, бәринен бурын, басланғыш буўында сөзсиз тәмийинлениўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Ҳәр бир министр, ҳәким, депутат ҳәм сенатор орынлардағы шараятты өз көзи менен көрсе, сондай-ақ, өзи ҳәм шаңарақ ағзалары өз аймағындағы шаңарақлық поликлиникаға барып, аймақлық емлеўханада емленсе, бул реформалардың тезирек төменлеўине хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Жуўапкер басшыларға дәри-дәрмақ ислеп шығарыў, алып келиў, рецептли дәрилерди дәриханада сатыў, бул процесслерди санластырыў, медицина системасында қаржыларды дурыс жумсаў, санластырыў ҳәм қамсызландырыўды енгизиў, коррупцияны жоқ етиў, әпиўайы етип айтқанда, адамларды разы етиў бойынша реформалардың орынланыўы үстинен толық қадағалаў орнатыў тапсырылды.

Ҳәр бир поликлиника, емлеўхана, орайда адамларды медицинадан разы етиў, қатаң тәртип орнатыў ҳәм мәденият алып кириў, оның орынланыўын турақлы додалап, басшылардың жуўапкершилигин көрип шығыў ушын жуўапкерлер белгиленди.

Мәжилис даўамында тараў ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары ҳәм қойылған ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша режелери тыңланды.


Facebook|Instagram|X
Бу йил электрон йўлланма асосида даволашга бюджетдан 1,1 триллион сўм ажратилмоқда.

Мутасаддиларга ҳудудларга ажратиладиган маблағлар улушини 14 фоиздан 30 фоизгача ошириш топширилди. Ўтган йили ҳудудларга 100 миллиард сўм берилган бўлса, бу йил ушбу маблағ 350 миллиард сўм бўлади.

Электрон йўлланма бериш ва тақсимлаш тизими ҳам тубдан ўзгаради. Йўлланмага киритилган касалликларни даволаш хизматларига ягона базавий нарх тасдиқланади. Эндиликда беморга республика даражасида даволаниш учун берилган йўлланма ягона электрон платформага жойлаштирилади.

Платформада республика маркази, бошқа вилоятдаги давлат ва хусусий клиникалар иштирок этади. Яъни, йўлланма учун танлов бўлиб, шифохоналар беморни қачон қабул қилиши, қандай даволаши, керак бўлса, шифокорини ҳудудга юбориб, муолажани ўша ерда қилиши бўйича энг мақбул таклифини беради. Ушбу таклифлар асосида бемор ўзига энг қулай шифохонани танлайди.

Шунда республика марказлари ва ҳудудий шифохоналар ўртасида эркин рақобат бўлади”,

- деди Президент.

Умуман, тиббий суғурта тизими фаолиятини тубдан такомиллаштириш бўйича қарор лойиҳасини киритиш топширилди.

Быйыл электрон жоллама тийкарында емлеўге бюджеттен 1,1 триллион сум ажыратылмақта.

Жуўапкерлерге аймақларға ажыратылатуғын қаржылардың үлесин 14 проценттен 30 процентке шекем арттырыў тапсырылды. Өткен жылы аймақларға 100 миллиард сум берилген болса, быйыл бул қаржы 350 миллиард сум болады.

Электрон жоллама бериў ҳәм бөлистириў системасы да түп-тийкарынан өзгереди. Жолламаға киргизилген кеселликлерди емлеў хызметлерине бирден-бир базалық баҳа тастыйықланады. Енди наўқасқа республика дәрежесинде емлениў ушын берилген жоллама бирден-бир электрон платформаға жайластырылады.

Платформада республика орайы, басқа ўәлаяттағы мәмлекетлик ҳәм жеке меншик клиникалар қатнасады. Яғный, жоллама ушын таңлаў болып, емлеўханалар наўқасты қашан қабыл етиўи, қалай емлеўи, керек болса, шыпакерин аймаққа жиберип, емлениўди сол жерде ислеўи бойынша ең мақул усынысын береди. Усы усыныслар тийкарында наўқас өзине ең қолай емлеўхананы таңлайды.

«Сонда республика орайлары ҳәм аймақлық емлеўханалар арасында еркин бәсеки болады»,

- деди Президент.

Улыўма етип айтқанда, медициналық қамсызландырыў системасының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.


Facebook|Instagram|X
Президент айтилган янги тизимни жорий йилда Иштихон билан бирга Самарқанд шаҳри, Булунғур тумани ва қолган вилоятларнинг 1 тадан туманида, кейинги йилдан тўлиқ Самарқанд вилоятида, 2027 йилдан эса босқичма-босқич барча ҳудудларда жорий қилишга топшириқ берди.

Соғлиқни сақлаш вазирлигига йил охиригача тиббиёт олийгоҳлари билан 15 та тумандаги 4 минг 700 нафар оилавий шифокор ва ҳамширани “Оила саломатлиги” дастури бўйича, раҳбарларни эса менежерликка ўқитиш топширилди.

15 та тумандаги поликлиника ва шифохоналар фаолиятини янги тизим асосида ташкил қилиш учун бу йил 285 миллиард сўм, бунга қўшимча вилоят ҳокимлари томонидан ҳам камида 10 миллиард сўмдан ажратилиши белгиланди.

Президент атап өтилген жаңа системаны усы жылы Иштихон менен бирге Самарқанд қаласы, Булунғур районы ҳәм қалған ўәлаятлардың биреўден районында, кейинги жылдан толық Самарқанд ўәлаятында, 2027-жылдан баслап болса басқышпа-басқыш барлық аймақларда енгизиўге тапсырма берди.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине жылдың ақырына шекем медицина жоқары оқыў орынлары менен 15 райондағы 4 мың 700 шаңарақлық шыпакер ҳәм мийирбийкени «Шаңарақ саламатлығы» бағдарламасы бойынша, басшыларды болса менеджерликке оқытыў тапсырылды.

15 райондағы поликлиника ҳәм емлеўханалардың жумысын жаңа система тийкарында шөлкемлестириў ушын быйыл 285 миллиард сум, оған қосымша ўәлаят ҳәкимлери тәрепинен де кеминде 10 миллиард сумнан ажыратылатуғыны белгиленди.


Facebook|Instagram|X
Иштихондаги “Ўзбекистон” номли поликлиникага 7 та маҳалла бириктирилган. Лекин 6 нафар оилавий шифокор 9 та штатни банд қилиб, юкламани эплай олмаяпти. Бу поликлиникада яна 6 та врач штати бўш.

Кафолатланган пакетга зарурати пухта ўйланмасдан 90 турдаги дори киритилгани боис поликлиникага бунинг ярми ҳам келмаяпти. Поликлиникадаги лаборатория таҳлилини бирорта шифохона тан олмайди.

Энг кўп мурожаат болалар касалликларига тўғри келгани билан, оилавий шифокорларда кўникма етишмагани учун улар педиатр вазифасини тўлиқ бажара олмаяпти. Туғруқ ёшидаги 9 минг аёл учун бор-йўғи 1,5 ставка гинеколог штати берилган.

Аҳолининг 35 фоизи юрак-қон томир, қандли диабет, ошқозон-ичак каби сурункали касалликларга чалинган. Бундай касалликларни эрта аниқлаш, профилактика қилиш ва асоратларини камайтириш бўйича тиббиёт бригадаларининг иши кўринмаяпти.

Шу боис, ушбу тизим ўзгариши белгиланди.

Иштихондағы «Өзбекстан» атындағы поликлиникаға 7 мәҳәлле бириктирилген. Бирақ, 6 шаңарақлық шыпакер 9 штатты бәнт етип, жүклемени көтере алмай атыр. Бул поликлиникада және 6 шыпакер штаты бос.

Кепилленген пакетке зәрүрлиги пуқта ойланбастан 90 түрдеги дәри киргизилгени себепли поликлиникаға соның ярымы да келмей атыр. Поликлиникадағы лабораториялық анализди ҳеш бир емлеўхана тән алмайды.

Ең көп мүрәжат балалар кеселликлерине туўра келсе де, шаңарақлық шыпакерлерде тәжирийбе жетиспегени ушын олар педиатр ўазыйпасын толық атқара алмай атыр. Туўыў жасындағы 9 мың ҳаял ушын тек ғана 1,5 ставка гинеколог штаты берилген.

Халықтың 35 проценти жүрек-қан тамыр, қантлы диабет, асқазан-ишек сыяқлы созылмалы кеселликлерге шалынған. Бундай кеселликлерди ерте анықлаў, профилактикалаў ҳәм ақыбетлерин азайтыў бойынша медицина бригадаларының жумысы көринбей атыр.

Сонлықтан, бул система өзгеретуғыны белгиленди.


Facebook|Instagram|X
08.05.202511:29
Президент Шавкат Мирзиёев "Матонат мадҳияси" ёдгорлигига гул қўйди.

Президент Шавкат Мирзиёев «Мәртлик гимни» естелигине гүл қойды.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Шымбай районын абаданластырыў ҳәм социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.

Мәжилисте дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң ПҚ-132-санлы қарары менен Шымбай районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар кең түрде сөз етилди.

Толық оқыў

Чимбой туманини ободонлаштириш ва ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш масалалари кенг турда муҳокама қилинди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Чимбой туманида республика идора-ташкилотлари, туман фаоллари иштирокида мажлис ўтказди.

Мажлисда дастлаб, ҳурматли Президентимизнинг ПҚ-132-сонли қарори билан Чимбой туманини 2025-2026 йилларда жадал комплекс ривожлантириш дастури доирасида амалга оширилиши лозим бўлган вазифалар кенг турда сўз этилди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Сўнгги етти йилда тиббиёт олийгоҳларига қабул 4,5 баробар кўпайиб, йилига 25 минг нафар ёшлар ўқишга кирмоқда. Уларнинг 40 фоизи хусусий олийгоҳларда ўқимоқда.

Битирув имтиҳонини олийгоҳнинг ўзи олиши, билим ва кўникмаларни баҳоловчи шаффоф тизим йўқлиги оқибатида мутахассислар етарли билим ва амалий кўникмасиз меҳнат бозорига кириб келаётгани қайд этилди.

Эндиликда тиббиёт олийгоҳлари ва техникум битирувчиларининг замонавий диагностика ва даволаш усулларини ўзлаштириши шаффоф тизим асосида алоҳида баҳоланади. Бу тизим ишлаётган врач ва ҳамшираларга ҳам татбиқ этилади.

Шу мақсадда Тиббиёт соҳасини баҳолаш миллий маркази ташкил қилинади. Ушбу марказга халқаро тан олинган хорижий ташкилот жалб қилинади. Давлат ва хусусий клиникалар эса аккредитациядан ўтади.

Тиббиёт ходимлари малакасини ошириш вазифаси давлат ва хусусий тиббиёт олийгоҳлари, ихтисослашган марказлар ва вилоят муассасаларига берилади.

Мутасаддиларга шифокор ва ҳамшираларни тайёрлаш бўйича ягона малака талабларини ишлаб чиқиш топширилди.

Соңғы жети жылда медицина жоқары оқыў орынларына қабыллаў 4,5 есеге көбейип, жылына 25 мың жас оқыўға кирмекте. Олардың 40 проценти жеке меншик жоқары оқыў орынларында оқып атыр.

Питкериў имтиханын жоқары оқыў орнының өзи алыўы, билим ҳәм тәжирийбелерди баҳалаўдың ашық-айдын системасы жоқ екенлиги ақыбетинде қәнигелер жетерли билим ҳәм әмелий тәжирийбелерсиз мийнет базарына кирип киятырғаны атап өтилди.

Енди медицина жоқары оқыў орынлары ҳәм техникум питкериўшилериниң заманагөй диагностика ҳәм емлеў усылларын өзлестириўи ашық-айдын система тийкарында айрықша баҳаланады. Бул система жумыс ислеп атырған шыпакер ҳәм мийирбийкелерге де енгизиледи.

Усы мақсетте Медицина тараўын баҳалаў миллий орайы шөлкемлестириледи. Бул орайға халықаралық тән алынған сырт ел шөлкеми тартылады. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик клиникалар болса аккредитациядан өтеди.

Медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ўазыйпасы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина жоқары оқыў орынлары, қәнигелескен орайлар ҳәм ўәлаятлық мәкемелерге бериледи.

Жуўапкерлерге шыпакер ҳәм мийирбийкелерди таярлаў бойынша бирден-бир маманлық талапларын ислеп шығыў тапсырылды.


Facebook|Instagram|X
Ҳудудларда юқори технологик операцияларни ўтказиш имконияти бўлсада, беморлар ҳали ҳам Тошкентга келаётгани қайд этилди. Мисол учун, ўтган йили юрак ишемик касаллиги бор беморларга кўрсатилган коронарография ва стентлаш амалиётининг 80 фоизи Тошкентда бажарилган.

Жарроҳлик амалиёти талаб қилмайдиган юрак ишемик касаллиги бор беморларни ҳам пойтахтга келиши камаймаган.

Эски “ордер” тизимидан воз кечилиб, имтиёзли тоифадаги шахсларни “электрон йўлланма” орқали даволашга ўтилганига икки йил бўлди.

Лекин республика марказларининг бирортаси беморларнинг вилоят ёки туманда қолиб даволанишидан манфаатдор эмаслиги танқид қилинди. Сабаб – маблағнинг асосий қисми ҳалигача республика марказларига ажратилмоқда.

Шу муносабат билан республика марказларида бюджет ҳисобидан фақат юқори технологияли мураккаб амалиётлар ўтказилиши белгиланди. Туман ва вилоятда бемалол қилиш мумкин бўлган амалиётлар учун республика марказларига йўлланма берилмайди.

Мутасаддиларга республика, вилоят, туманга йўлланма бериладиган касалликлар рўйхатини тасдиқлаш топширилди.

Аймақларда жоқары технологиялық операцияларды өткериў имканияты болса да, наўқаслар елеге шекем Ташкентке келип атырғаны атап өтилди. Мысал ушын, өткен жылы жүрек ишемик кеселлиги бар наўқасларға көрсетилген коронарография ҳәм стентлеў әмелиятының 80 проценти Ташкентте орынланған.

Хирургиялық операция талап етилмейтуғын жүрек ишемик кеселлиги бар наўқаслардың пайтахтқа келиўи де азайған жоқ.

Ески «ордер» системасынан ўаз кешилип, жеңиллетилген категориядағы шахсларды «электрон жоллама» арқалы емлеўге өтилгенине еки жыл болды.

Бирақ, республикалық орайлардың ҳеш бири наўқаслардың ўәлаят ямаса районда қалып емлениўинен мәпдар емеслиги сынға алынды. Себеп - қаржының тийкарғы бөлеги елеге шекем республикалық орайларға ажыратылмақта.

Усы мүнәсибет пенен республика орайларында бюджет есабынан тек ғана жоқары технологиялы қурамалы операциялар өткерилетуғыны белгиленди. Район ҳәм ўәлаятта биймәлел ислеў мүмкин болған әмелиятлар ушын республикалық орайларға жоллама берилмейди.

Жуўапкерлерге республика, ўәлаят, районға жоллама берилетуғын кеселиклер дизимин тастыйықлаў тапсырылды.


Facebook|Instagram|X
Ногиронликни белгилашда ВКК – врачлик-маслаҳат комиссиялари деган коррупцион тизимдан тўлиқ воз кечилиши белгиланди. Эндиликда ногиронлик оилавий шифокор расмийлаштирган ҳужжат асосида тиббий-ижтимоий экспертиза комиссияси томонидан белгиланади.

Мутасаддиларга бу тизимни 1 июндан Тошкент шаҳри ва Навоийда, 1 сентябргача қолган ҳудудларда тўлиқ жорий қилиш топширилди.

Шу билан бирга, касалликларни барвақт аниқлаш ва асоратларини камайтириш бўйича ҳам янги маҳаллабай тизим бўлади.

Масалан, Иштихондаги поликлиникага ва маҳаллаларга вилоятдаги кардиология, эндокринология ва она-бола марказлари, марказий шифохона врачлари бириктирилади. Улар маҳаллаларда юриб, аҳолини тўлиқ диагностикадан ўтказади, бириктирилган оилавий шифокорларга касалликларни эрта аниқлаш ва даволашни жойида ўргатади, даволаш ва диагностика бўйича янгича ёндашувларни поликлиникада жорий қилади.

Самарқанд тиббиёт университети профессор-ўқитувчилари, магистратура битирувчилари илмий ишларини шу ерга келиб ёзади.

Йил якунида натижа бўлса, маҳаллага бириктирилган ушбу мутахассислар ойлигининг 2 карра миқдорида мукофотланади.

Майыплықты белгилеўде ВКК - врачлық-мәсләҳәт комиссиялары деген коррупциялық системадан толық ўаз кешилетуғыны белгиленди. Енди майыплық шаңарақлық шыпакер рәсмийлестирген ҳүжжет тийкарында медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы тәрепинен белгиленеди.

Жуўапкерлерге бул системаны 1-июньнен Ташкент қаласы ҳәм Наўайыда, 1-сентябрьге шекем қалған аймақларда толық енгизиў тапсырылды.

Соның менен бирге, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм асқыныўларын азайтыў бойынша да жаңа мәҳәлле кесиминде система болады.

Мәселен, Иштихондағы поликлиникаға ҳәм мәҳәллелерге ўәлаяттағы кардиология, эндокринология ҳәм ана-бала орайлары, орайлық емлеўхана шыпакерлери бириктириледи. Олар мәҳәллелерде жүрип, халықты толық диагностикалаўдан өткереди, бириктирилген шаңарақлық шыпакерлерге кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеўди орнында үйретеди, емлеў ҳәм диагностика бойынша жаңаша қатнасларды поликлиникада енгизеди.

Самарқанд медицина университетиниң профессор-оқытыўшылары, магистратура питкериўшилери илимий жумысларын усы жерге келип жазады.

Жыл жуўмағында нәтийже болса, мәҳәллеге бириктирилген бул қәнигелер айлығының 2 есеси муғдарында сыйлықланады.


Facebook|Instagram|X
Давлатимиз раҳбари муаммоларга ечим топиш бўйича қилиниши лозим бўлган ишларни белгилаб берди ва янги ташаббусларни илгари сурди.

Бугунги йиғилишда кўриб чиқиладиган масалалар бўйича салкам икки йил тайёргарлик кўрилгани, хорижнинг илғор тиббиёт марказларидан экспертлар жалб қилингани таъкидланди.

Агар бирламчи бўғин, рақамлаштириш ва суғуртани жойига қўйсак, тиббиёт ходимларини билим ва амалий кўникмасини яхшиласак, муҳими, аҳолининг тиббий маданиятини оширсак, шунинг ўзи орқали кўзлаган мақсадларимизга эришамиз”,

- деди Президент.

Эндиликда бирламчи бўғинда тиббий хизмат сифатини ошириш бўйича янги тизим бўлиши белгиланди. Президентимиз буни Иштихон туманидаги битта поликлиника мисолида чуқур таҳлиллар асосида тушунтириб берди.

Мәмлекетимиз басшысы машқалаларға шешим табыў бойынша ислениўи керек болған жумысларды белгилеп берди ҳәм жаңа басламаларды көтерди.

Бүгинги мәжилисте көрип шығылатуғын мәселелер бойынша дерлик еки жыл таярлық көрилгени, сырт елдиң алдынғы медицина орайларынан экспертлер тартылғаны атап өтилди.

«Егер басланғыш буўын, санластырыў ҳәм қамсызландырыўды орнына қойсақ, медицина хызметкерлериниң билим ҳәм әмелий көнликпесин жақсыласақ, әҳмийетлиси, халықтың медициналық мәдениятын арттырсақ, соның өзи арқалы гөзлеген мақсетлеримизге ерисемиз»,

- деди Президент.

Енди басланғыш буўында медициналық хызмет сапасын арттырыў бойынша жаңа система болыўы белгиленди. Президентимиз буны Иштихон районындағы бир поликлиника мысалында терең анализлер тийкарында түсиндирип берди.


Facebook|Instagram|X
Урыс қатнасыўшыларына ҳәм ветеранлардың ҳалынан хабар алынып, Президент саўғалары тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары Қадирбай Нарманов ҳәм Мария Ивановна сондай-ақ, фронт артында мийнет еткен Рәўшан Самарканова, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Мийнет Қаҳарманы Қәллибек Камаловтың  шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Ветеранлар 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 80 жыллығы менен қызғын қутлықланды ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.

Толық оқыў

Уруш қатнашчилари ва фахрийларнинг ҳолидан хабар олиниб, Президент совғалари топширилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Хотира ва қадрлаш куни муносабати билан Иккинчи жаҳон уруши қатнашчилари Қадирбай Нарманов ва Мария Ивановна ҳамда фронт ортида меҳнат қилган Раўшан Самарканова, таниқли давлат ва жамоат арбоби, Меҳнат Қаҳрамони Қаллибек Камалов хонадонида бўлиб, байрам совғаларини топширди.

Фахрийлар 9 май - Хотира ва қадрлаш куни умумхалқ байрами, шунингдек, Иккинчи жаҳон урушида фашизм устидан қозонилган ғалабанинг 80 йиллиги билан самимий табрикланди ҳамда Ўзбекистон Республикаси Президентининг байрам табриги ўқиб эшиттирилди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
07.05.202515:50
Дыққат хабарландырыў!

2025-жыл 11-май күни, саат 10:00 де Саўда Санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Нөкис қаласы, Тақиятас, Хожели ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтеди.

Сондай-ақ, исбилерменлик тараўына тийисли машқалалар ҳәм усыныслар бойынша арнаўлы ШТАБтың 1088 қысқа номерине мүрәжат еткен исбилерменлер менен бирге олардың мәселелерине орнында шешимин табыў илажлары көриледи.

Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын қабыллаў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи.

❗️Еслетпе!

11-май күни болып өтетуғын қабыллаўда тек ғана исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады.

Диққат эълон!

2025 йил 11 май куни, соат 10:00 да Савдо-саноат палатаси Қорақалпоғистон Республикаси бошқармасида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг Нукус шаҳри, Тахиатош, Хўжайли ва Нукус туманларидаги тадбиркорларни қийнаб келаётган муаммолар ва таклифлари бўйича сайёр қабули бўлиб ўтади.

Шунингдек, тадбиркорлик соҳасига оид муаммолар ва таклифлар бўйича махсус ШТАБнинг 1088 қисқа рақамига мурожаат қилган тадбиркорлар билан бирга уларнинг масалаларига жойида ечим топиш чоралари кўрилади.

Республикамизнинг бошқа ҳудудлари тадбиркорлари учун қабул белгиланган режа-график асосида ўтказилади.

❗️Эслатма!

11 май куни бўлиб ўтадиган қабулда фақат тадбиркорларнинг масалалари кўриб чиқилади.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Мамлакатимизда ҳар йили 600-700 миллион доллар маблағ самарадорлиги исботланмаган ва ўрганилмаган дориларга сарфланмоқда. Бундай дориларнинг импортдаги улуши 42 фоиз.

Ривожланган давлатлар далилларга асосланган тиббиётга таяниб, кенг миқёсда ўтказилган клиник тадқиқотлар орқали самарадорлиги ва хавфсизлиги исботланган дорилардан фойдаланади.

Соғлиқни сақлаш вазирлигига халқаро тан олинган манбаларда “самарасиз ёки самараси ўрганилмаган” деб топилган препаратларни клиник протоколлардан чиқаришни бошлаш топширилди.

Барча тиббиёт муассасалари, биринчи галда болалар шифохоналарида антибиотикларни асосли қўллаш бўйича комплекс ревизия ўтказилади ва протоколларга амал қилмаган ходимларга нисбатан чора кўрилади.

Бош прокуратурага рецептли дориларни ноқонуний сотганлик учун жавобгарлик муқаррарлигини таъминлаш топширилди.

“Электрон рецепт” тизимини Тошкент шаҳрининг Юнусобод туманида тўлиқ ишга тушириб, бутун республикага намуна қилиш вазифаси қўйилди.

Мәмлекетимизде ҳәр жылы 600-700 миллион доллар қаржы нәтийжелилиги дәлилленбеген ҳәм үйренилмеген дәрилерге жумсалмақта. Бундай дәрилердиң импорттағы үлеси 42 процент.

Раўажланған мәмлекетлер дәлиллерге тийкарланған медицинаға сүйенип, кең көлемде өткерилген клиникалық изертлеўлер арқалы нәтийжелилиги ҳәм қәўипсизлиги дәлилленген дәрилерден пайдаланады.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине халықаралық тән алынған дәреклерде "нәтийжесиз ямаса нәтийжеси үйренилмеген" деп табылған препаратларды клиникалық протоколлардан шығарыўды баслаў тапсырылды.

Барлық медицина мәкемелери, биринши гезекте балалар емлеўханаларында антибиотиклерди тийкарлы қолланыў бойынша комплексли ревизия өткериледи ҳәм протоколларға әмел етпеген хызметкерлерге шара көриледи.

Бас прокуратураға рецептли дәрилерди нызамсыз сатқаны ушын жуўапкершилик сөзсиз екенлигин тәмийинлеў тапсырылды.

«Электрон рецепт» системасын Ташкент қаласының Юнусабад районында толық иске қосып, пүткил республикаға үлги етиў ўазыйпасы қойылды.


Facebook|Instagram|X
Юқумли касалликларнинг 35-40 фоизи оддий гигиена қоидаларига риоя қилмаслик оқибатида юзага келаётгани кўрсатиб ўтилди.

Шу муносабат билан барча мактаб, боғча, техникум, олийгоҳ, поликлиника ва шифохоналарда “Тоза қўллар” дастури амалга оширилади. Унга кўра:

- таълим ва тиббиёт ташкилотларидаги қўл ювиш жойлари санитар-гигиена воситалари билан тўлиқ таъминланади,

- шароити оғир бўлган 126 та мактабда ҳожатхоналар бинони ичида жойлаштирилиб, янгидан қурилади, 6 мингдан зиёд боғчага гелиоколлектор олиб берилади;

- 4 минг 295 та ижтимоий муассасада сув баки ва цистерна ўрнатилади.

Ушбу мақсадлар учун шу йилнинг ўзида бюджетдан 780 миллиард сўм ажратилади.

Ҳар бир ижтимоий соҳа муассасаси тоза, озода бўлиши, унда одамлар учун қулай санитар-гигиена шароити яратилиши шартлиги қайд этилди.

“Тоза қўллар” дастурининг моҳияти, шахсий гигиена ҳақида катта тарғибот кампаниясини ташкил этиш муҳимлиги кўрсатиб ўтилди.

Жуқпалы кеселликлердиң 35-40 проценти әпиўайы гигиена қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде жүзеге келип атырғаны көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен барлық мектеп, бақша, техникум, жоқары оқыў орны, поликлиника ҳәм емлеўханаларда «Таза қоллар» бағдарламасы әмелге асырылады. Оған бола:

- билимлендириў ҳәм медицина шөлкемлериндеги қол жуўыў орынлары санитария-гигиена қураллары менен толық тәмийинленеди,

- шараяты аўыр болған 126 мектепте ҳәжетханалар имарат ишинде жайластырылып, жаңадан қурылады, 6 мыңнан аслам бақшаға гелиоколлектор алып бериледи;

- 4 мың 295 социаллық мәкемеде суў бакы ҳәм цистерна орнатылады.

Усы мақсетлер ушын усы жылдың өзинде бюджеттен 780 миллиард сум ажыратылады.

Ҳәр бир социаллық тараў мәкемеси таза болыўы, онда адамлар ушын қолайлы санитариялық-гигиеналық шараят жаратылыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

«Таза қоллар» бағдарламасының мәниси, жеке гигиена ҳаққында үлкен үгит-нәсиятлаў кампаниясын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.


Facebook|Instagram|X
Бу поликлиникаларда оилавий шифокорнинг базавий ойлиги 500 доллар, ҳамшираники 300 доллар бўлади. Оилавий шифокор ва ҳамшира малака сертификати олса, яна шунча устама тўланади.

Агар улар маҳаллада юриб, сурункали касали борларга вақт ажратса, уларни касаллик билан яшаш ва уни бошқаришга ўргатса, онкологик, диабет, инсульт, инфаркт каби касалликларни эрта аниқлаб, оғир асоратларнинг олдини олса, буларнинг ҳисобига тез ёрдам ва стационарга мурожаатни қисқартирса, шифокорга яна 500 доллар, ҳамширага эса қўшимча 300 доллар берилади.

Бир сўз билан айтганда, оилавий шифокорлар 1,5 минг доллар, ҳамширалар эса 600-800 доллар ойлик оладиган тизим қиламиз. Бу орқали биз шунчаки ойликни эмас – инсон қадрини оширган бўламиз. Лекин, натижа ҳам шунга яраша бўлиши керак”,

- деди Президент.

Энди маҳаллада битта бўлса ҳам инфаркт, инсульт, оналар ва болалар эрта ўлими, сурункали касаллик туфайли орттирилган ногиронлик фавқулодда ҳолат деб қабул қилиниши лозимлиги қайд этилди.

Бул поликлиникаларда шаңарақлық шыпакердиң базалық айлығы 500 доллар, мийирбийкениң айлығы 300 доллар болады. Шаңарақлық шыпакер ҳәм мийирбийкеге маманлық сертификаты алынса, және сонша үстеме төленеди.

Егер олар мәҳәлледе жүрип, созылмалы кеселлиги барларға ўақыт ажыратса, оларды кеселлик пенен жасаў ҳәм оны басқарыўға үйретсе, онкологиялық, диабет, инсульт, инфаркт сыяқлы кеселликлерди ерте анықлап, аўыр асқыныўлардың алдын алса, усылардың есабынан тез жәрдем ҳәм стационарға мүрәжатты қысқартса, шыпакерге және 500 доллар, мийирбийкеге болса қосымша 300 доллар бериледи.

«Бир сөз бенен айтқанда, шаңарақлық шыпакерлер 1,5 мың доллар, мийирбийкелер болса 600-800 доллар айлық алатуғын система ислеймиз. Бул арқалы биз тек ғана айлықты емес - инсан қәдирин арттырған боламыз. Бирақ, нәтийже де соған жараса болыўы керек»,

- деди Президент.

Енди мәҳәлледе бир ғана инфаркт, инсульт, аналар ҳәм балалардың ерте өлими, созылмалы кеселлик себепли арттырылған майыплық айрықша жағдай сыпатында қабыл етилиўи керек екенлиги атап өтилди.


Facebook|Instagram|X
Тиббий суғуртани жорий қилиш сурункали сурилиб келаётгани кескин танқид қилинди. Тошкент шаҳрида ўтган йили, Қорақалпоғистон, Навоий, Самарқанд, Фарғона, Сурхондарё ва Хоразмда бу йили ушбу тизим ишга тушиши керак эди. Суғурта жамғармаси фақат тайёр пулни тақсимловчига айланиб қолгани кўрсатиб ўтилди.

Белгиланган ислоҳотларимиз қанчалик тўғри бўлмасин, тизим рақамлашмаса, кутилган натижага эриша олмаймиз”,

- деди Президент.

Лекин мутасаддилар тизимни тўлиқ рақамлаштириш у ерда турсин, оддий “электрон рецепт”ни ҳам ишга тушира олмагани танқид қилинди. “Электрон поликлиника”, “Электрон шифохона”ни жорий этишда ҳам жиддий оқсоқликлар бор.

“Вазирлик раҳбарлари дунёқарашини ўзгартириб, фидойи бўлмаса, масъулиятни ҳис қилиб, сўровни кучайтирмаса, ислоҳотлар маҳаллагача етиб бормайди
”,
- деди давлатимиз раҳбари.

Шу боис, йўл қўйилган камчилик ва хатолар учун соғлиқни сақлаш вазирининг ўринбосарлари Д.Султанов, Ф.Шарипов лавозимидан озод этилди, вазир ўринбосари О.Омонов 6 ойда рақамлаштиришда ўзгариш қилмаса, ишдан олиниши ҳақида огоҳлантирилди.

Медициналық қамсызландырыўды енгизиў өтлескен түрде созылып киятырғаны кескин сынға алынды. Ташкент қаласында өткен жылы, Қарақалпақстан, Наўайы, Самарқанд, Ферғана, Сурхандәрья ҳәм Хорезмде быйыл усы система иске қосылыўы керек еди. Қамсызландырыў фонды тек ғана таяр пулды бөлистириўшиге айланып қалғаны көрсетип өтилди.

«Белгиленген реформаларымыз қаншелли дурыс болмасын, система санластырылмаса, күтилген нәтийжеге ерисе алмаймыз»,

- деди Президент.

Бирақ, жуўапкерлер системаны толық санластырыў былай турсын, әпиўайы «электрон рецепт»ти де иске түсире алмағаны сынға алынды. «Электрон поликлиника», «Электрон емлеўхана»ны енгизиўде де үлкен кемшиликлер бар.

«Министрлик басшылары дүньяқарасын өзгертип, пидайы болмаса, жуўапкершиликти сезинип, сораўды күшейтпесе, реформалар мәҳәллеге шекем жетип бармайды»,

- деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтанда, жол қойылған кемшиликлер ҳәм қәтеликлер ушын денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасарлары Д.Султанов, Ф.Шарипов лаўазымынан босатылды, министрдиң орынбасары О.Омонов 6 айда санластырыўда өзгерис қылмаса, жумыстан алынатуғыны ҳаққында ескертилди.


Facebook|Instagram|X
显示 1 - 24 778
登录以解锁更多功能。