Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Труха⚡️Україна
Труха⚡️Україна
Николаевский Ванёк
Николаевский Ванёк
Труха⚡️Україна
Труха⚡️Україна
Николаевский Ванёк
Николаевский Ванёк
Лёха в Short’ах Long’ует
Лёха в Short’ах Long’ует
Joqarǵi keńes.uz avatar
Joqarǵi keńes.uz
Joqarǵi keńes.uz avatar
Joqarǵi keńes.uz
Қылышпазымыз Азия чемпионы болды

Кувейт мəмлекетинде Қылышпазлық спорт түриниң Азия чемпионаты болып өтпекте.

Онда жаслар арасындағы жекелик басқышта Өзбекстан сайланды командасы ағзасы жерлесимиз Муса Аймуратов Азия чемпионы болыўға миясар болды.

Сондай-ақ, Исламбек Абдазовта жоқары нəтийже көрсетип, сыйлы 3-орынды ийеледи ҳәм қола медалын қолға киргизди.

Қиличбозимиз Осиё чемпиони бўлди

Қувайт давлатида Қиличбозлик спорт тури бўйича Осиё чемпионати бўлиб ўтмоқда.

Унда ёшлар ўртасидаги яккалик босқичида Ўзбекистон терма жамоаси аъзоси ҳамюртимиз Муса Аймуратов Осиё чемпиони бўлишга муваффақ бўлди.

Шунингдек, Исломбек Абдазов ҳам юқори натижа кўрсатиб, фахрли 3-ўринни эгаллади ва бронза медалини қўлга киритди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» эсдалик юбилей медалини таъсис этиш тўғрисида"ги Фармони

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы" естелик юбилей медалын шөлкемлестириў ҳаққында"ғы Пәрманы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
25.02.202504:25
❗️Жерди көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға алған юридикалық шахслар жер салығын төлеўден азат етиледи

⚡️️Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-майдан «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутыўшы тәртип орнатылады:

▪️жер участкаларын көп квартиралы турақ жайлар қурыў ушын ижараға бериў бойынша аукцион саўдаларында қатнасыў, көп квартиралы турақ жайларды қурыў ҳәм оларды реализациялаўға тек ғана ҚҚС ны төлеўши юридикалық шахсларға рухсат етиледи;

▪️ жер участкаларын көп квартиралы турақ жайлар қурыў ушын ижараға бериў бойынша аукцион саўдалары офертасында жойбар алды ҳүжжетлерин таярлаўға 15 күнлик, жойбар жумысларын орынлаўға 2 айлық ҳәм қурылыс жумысларын баслаўға 3 айлық мүддет белгиленеди, сондай-ақ, онда қурылысты жуўмақлаў ҳәм объектти пайдаланыўға қабыл етиў мүддетлери көрсетиледи;

▪️ аукцион саўдаларында жер участкасын көп квартиралы турақ жай қурыў ушын ижараға алған юридикалық шахслар ижараға алған пайттан баслап 12 ай даўамында усы жер участкасы бойынша жер салығын төлеўден азат етиледи;

🗓2025-жыл 1-марттан "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде көп квартиралы турақ жайлар қурылысын әмелге асырыўшы қурылыс шөлкемлерине айланба қаржыларын толтырыў ушын 12 айлық жеңиллетилген дәўир менен 24 ай мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан көби менен 2 процент пунктке жоқары ставкада кредитлер ажыратылады.

❗️Ерни кўп квартирали уй-жой қуриш учун ижарага олган юридик шахслар ер солиғини тўлашдан озод қилинади

⚡️Фармонга мувофиқ, 2025 йил 1 майдан “Янги Ўзбекистон” массивларини барпо этиш доирасида қуйидагиларни назарда тутувчи тартиб ўрнатилади:

▪️ер участкаларини кўп квартирали уй-жойлар қуриш учун ижарага бериш бўйича аукцион савдоларида қатнашиш, кўп квартирали уй-жойларни қуриш ва уларни реализация қилишга фақат ҚҚСни тўловчи юридик шахсларга рухсат этилади;

▪️ ер участкаларини кўп квартирали уй-жойлар қуриш учун ижарага бериш бўйича аукцион савдолари офертасида лойиҳа олди ҳужжатлари тайёрлашга 15 кунлик, лойиҳа ишларини бажаришга 2 ойлик ва қурилиш ишларини бошлашга 3 ойлик муддат белгиланади, шунингдек, унда қурилишни якунлаш ва объектни фойдаланишга қабул қилиш муддатлари кўрсатилади;

▪️ аукцион савдоларида ер участкасини кўп квартирали уй-жой қуриш учун ижарага олган юридик шахслар ижарага олган пайтдан бошлаб 12 ой давомида ушбу ер участкаси бўйича ер солиғини тўлашдан озод қилинади;

🗓 2025 йил 1 мартдан “Янги Ўзбекистон” массивларида кўп квартирали уй-жойлар қурилишини амалга оширувчи қурилиш ташкилотларига айланма маблағларини тўлдириш учун 12 ойлик имтиёзли давр билан 24 ой муддатга Марказий банкнинг асосий ставкасидан кўпи билан 2 фоиз бандга юқори ставкада кредитлар ажратилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
24.02.202504:22
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Ўзбекистон Президентининг Кувайтга тарихий ташрифи. Саудия Арабистони умра ва ҳаж ишлари вазири бошчилигидаги делегация билан учрашув. Шавкат Мирзиёев Мудофаа саноати агентлигининг Инновацион технологиялар марказини бориб кўрди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Өзбекстан Президентиниң Кувейтке тарийхый сапары. Ҳаж ҳәм умра ислери министри басшылығындағы Саудия Арабстаны делегациясы менен ушырасыў. Шавкат Мирзиёев Қорғаныў санааты агентлигиниң Инновациялық технологиялар орайында болды.

Обзор важнейших событий за неделю: Исторический визит Президента Узбекистана в Кувейт. Встреча с делегацией Саудовской Аравии во главе с министром по делам хаджа и умры. Шавкат Мирзиёев посетил Центр инновационных технологий Агентства оборонной промышленности.

Weekly review of the most important events: Historical visit of Uzbekistan’s President to Kuwait. A meeting with a Saudi delegation led by Minister of Hajj and Umrah. Shavkat Mirziyoyev visits the Defense Industry Agency’s Center of Innovative Technologies.

Facebook|Instagram|X
22.02.202510:07
Халықты социаллық қорғаў системасы және де жетилистириледи

«Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-17-санлы) қабыл етилди.

🔰Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-апрельден:

1️⃣«Социаллық дәптерлер» фондлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса - айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да усынылады.

Бунда мәдений-ағартыўшылық, билимлендириў, спорт ҳәм туризм илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» фондлары түсимлериниң 25 проценттен көп болмаған бөлегин қаратыўға рухсат бериледи;

2️⃣ «Социаллық дәптерлер» фондлары арқалы социаллық жәрдемлер төмендеги тәртипте көрсетиледи:

🔹шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режеде кәмбағал шаңарақлардың жаслары ҳәм ҳаял-қызларына белгили социаллық жәрдемлердиң белгилениўи усы категориядағы шахслардан қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда «Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады;

🔹»Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан социаллық жәрдем көрсетиўди сорап мүрәжат еткен шахслардың социаллық жағдайын анықлаў «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы арқалы, шаңарақтың финанслық жағдайын болса - мәкемелераралық мәлимлеме алмасыўы арқалы автоматикалық тәризде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады.

❗️Аҳолини ижтимоий ҳимоя қилиш тизими янада такомиллаштирилади

“Аҳолини ижтимоий ҳимоя қилиш тизимини молиялаштириш тартиб-таомилларини такомиллаштириш тўғрисида”ги Президент Фармони (ПФ-17-сон) қабул қилинди

🔰Фармонга кўра, 2025 йил 1 апрелдан:

1️⃣ “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари орқали кўрсатиладиган ижтимоий ёрдамлар Камбағал оилалар реестрига киритилган оилаларга, уй-жой шароитларини яхшилаш ва соғлиқни сақлаш бўйича ижтимоий ёрдамлар эса – ойлик даромади оила аъзоларининг ҳар бирига минимал истеъмол харажатлари миқдорининг 2 бараваридан кўп бўлмаган оилаларга ҳам тақдим этилади.

❕Бунда маданий-маърифий, таълим, спорт ва туризм тадбирларини ташкил этиш ва ўтказишга “Аёллар дафтари” ва “Ёшлар дафтари” жамғармалари тушумларининг 25 фоизидан кўп бўлмаган қисмини йўналтиришга рухсат берилади;

2️⃣ “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари орқали ижтимоий ёрдамлар қуйидаги тартибда кўрсатилади:

🔹оилаларни камбағалликдан чиқариш бўйича индивидуал режада камбағал оилаларнинг ёшлари ва хотин-қизларига муайян ижтимоий ёрдамларнинг белгиланиши ушбу тоифадаги шахслардан қўшимча мурожаат талаб этмаган ҳолда “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари ҳисобидан ижтимоий ёрдамлар кўрсатилишига асос бўлади;

🔹“Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари ҳисобидан ижтимоий ёрдам кўрсатишни сўраб мурожаат қилган шахсларнинг ижтимоий ҳолатини аниқлаш “Ягона миллий ижтимоий ҳимоя” ахборот тизими орқали, оиланинг молиявий ҳолатини эса – идоралараро ахборот алмашинуви орқали автоматик равишда баҳолаш (скоринг) натижаларига мувофиқ амалга оширилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын еле де раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды тыңлаў мақсетинде фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.

Толық оқыў

Жўқорғи Кенгес Раиси чорвачилик фермер хўжаликлари раҳбарлари билан учрашди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев чорвачилик соҳасини янада ривожлантириш, соҳада ўз ечимини кутаётган масалалар бўйича фикр ва таклифларни эшитиш мақсадида фермер хўжаликлари раҳбарлари билан учрашди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Кеўил билдириў

Усы жылдың 25-февраль күни белгили илимпаз ҳәм пидайы устаз, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты профессоры, аўыл хожалығы тараўына мийнети сиңген алым, география илимлериниң докторы Бахтияр Жоллыбеков дүньядан өтти.

Бахтияр Жоллыбеков 1973-жылдан баслап бүгинги күнге шекем, 52 жыл даўамында Қарақалпақстан аўыл хожалығына кадрлар таярлаўда өзиниң мийнетлери менен жүдә үлкен үлес қосты.

Өрнекли шаңарақ басшысы, үлгили әке, перзентлерин, шәкиртлерин Ўатанға садық инсанлар етип тәрбиялаған әдиўли устаз Бахтияр Жоллыбековтың жарқын естелиги мудамы бизиң ядымызда қалады.

Оның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, барлық шәкиртлерине терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

Таъзия

Жорий йилнинг 25 февраль куни таниқли олим ва фидойи устоз, Қорақалпоғистон қишлоқ хўжалиги ва агротехнологиялар институти профессори, қишлоқ хўжалиги соҳасида хизмат кўрсатган олим, география фанлари доктори Бахтияр Жоллыбеков дунёдан ўтди.

Бахтияр Жоллыбеков 1973 йилдан бошлаб бугунги кунгача, 52 йил давомида Қорақалпоғистон қишлоқ хўжалигига кадрлар тайёрлашда ўзининг меҳнатлари билан жуда катта ҳисса қўшди.

Ибратли оила бошлиғи, намунали ота, фарзандлари, шогирдларини Ватанга садоқатли инсонлар этиб тарбиялаган муҳтарам устоз Бахтияр Жоллыбековнинг ёрқин хотираси ҳамиша бизнинг ёдимизда қолади.

Унинг оила аъзоларига, яқинларига, барча шогирдларига чуқур ҳамдардлик билдирамиз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Арзан баҳада, субсидия тийкарында қуяш панеллери халыққа усынылмақта

Соңғы жыллары энергияға болған мүтәжликтиң артыўы менен халқымыздың электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў, жасыл энергетиканы раўажландырыў ҳәм кеңнен ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Пуқаралардың турақ-жайларына қуяш панельлерин орнатыўын хошаметлеў бағдарында бир қатар жеңилликлер ҳәм имканиятлар берилмекте.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен 3 кВт қуяш панельлери орташа 14 млн. сумнан арзанластырылған баҳада қурып берилмекте. Ал субсидия жеңилликлери менен болса, орташа 6,5 млн. сум ҳәм оннан да төмен баҳада пуқаралар үйлерине орнатылып атыр. Яғный, 7,5 млн. сум қаржы мәмлекет тәрепинен субсидиялаў арқалы қаплап бериледи.

Ҳүрметли пуқаралар!

Турақ жайыңызға қуяш панельлерин субсидия тийкарында арзан баҳада орнатып қалыўыңызды усыныс етемиз.

Соны да айрықша айтыў керек, қуяш панелин орнатқан пуқаралар тәрепинен өз талабынан артықша ислеп шығарылған электрдиң ҳәр бир киловатты ушын 1 000 сумнан субсидия бериледи, яғный, мәмлекет электрди пуқаралардан 1 000 сумнан сатып алады. Сондай-ақ, қуяш панелин орнатқаныңыз ушын қосымша салық жеңилликлери бериледи.

Арзон нархда, субсидия асосида қуёш панеллари аҳолига тақдим этилмоқда

Сўнгги йилларда энергияга бўлган эҳтиёжнинг ортиши билан халқимизнинг электр энергиясига бўлган эҳтиёжини қондириш, яшил энергетикани ривожлантириш ва кенг оммалаштиришга алоҳида эътибор қаратилмоқда.

Фуқароларнинг турар жойларига қуёш панеллари ўрнатишини рағбатлантириш борасида қатор имтиёз ва имкониятлар берилмоқда.

Хусусан, ҳозирги вақтда таъминотчи корхоналар томонидан 3 кВт қуёш панеллари ўртача 14 млн. сўмдан арзонлаштирилган нархда қуриб берилмоқда. Субсидия имтиёзлари билан эса, ўртача 6,5 млн. сўм ва ундан ҳам паст нархда фуқаролар уйларига ўрнатилмоқда. Яъни, 7,5 млн. сўм маблағ давлат томонидан субсидиялаш орқали қоплаб берилади.

Ҳурматли фуқаролар!

Хонадонингизга қуёш панелларини субсидия асосида арзон нархда ўрнатиб қўйишингизни тавсия этамиз.

Шуни ҳам алоҳида айтиш керак, қуёш панелини ўрнатган фуқаролар томонидан ўз эҳтиёжидан ортиқча ишлаб чиқарилган электрнинг ҳар бир киловатти учун 1 000 сўмдан субсидия берилади, яъни, давлат электрни фуқаролардан 1 000 сўмдан сотиб олади. Шунингдек, қуёш панелини ўрнатганингиз учун қўшимча солиқ имтиёзлари берилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Велоспортты раўажландырыў мәселелери талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан велосипед спорты федерациясы баслығының биринши орынбасары, Азия велоспорт коньфедерациясы Бас хаткери К.Ўринбойхўжаев ҳәм федерация бас хаткери Асқарбек Тоғайбеков пенен ушырасты.

Толық оқыў

Велоспортни ривожлантириш масалалари муҳокама қилинди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Ўзбекистон велосипед спорти федерацияси раисининг биринчи ўринбосари, Осиё велоспорт конфедерацияси Бош котиби К.Ўринбойхўжаев ва федерация бош котиби Асқарбек Тоғайбеков билан учрашди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
23.02.202517:05
Қуяш панельлери: ҳәм жеңиллик, ҳәм дәрамат

Бүгинги күнде тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен 3 кВт қуяш панельлери орташа 14 млн. сумнан арзанластырылған баҳада, ал субсидия жеңилликлери менен болса, орташа 6,5 млн. сум ҳәм оннан да төмен баҳада пуқаралар үйлерине орнатылып атыр.

Усындай жеңилликлерден пайдаланып, Шымбай районындағы бир қатар социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқаралардың турақ жайларына қуяш панельлери қурып берилди.

Қуёш панеллари: ҳам имтиёз, ҳам даромад

Бугунги кунда таъминотчи корхоналар томонидан 3 кВт қуёш панеллари ўртача 14 млн. сўмдан арзонлаштирилган нархда, субсидия имтиёзлари билан эса, ўртача 6,5 млн. сўм ва ундан ҳам паст нархда фуқаролар хонадонларига ўрнатилмоқда.

Шундай имтиёзлардан фойдаланиб, Чимбой туманидаги бир қатор ижтимоий қўллаб-қувватлашга муҳтож фуқароларнинг турар жойларига қуёш панеллари қуриб берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамын мәмлекетимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында улыўма халықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде кеңнен белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.

2025 йилги Наврўз умумхалқ байрамини мамлакатимизда “Қадриятларинг боқий бўлсин, Наврўз!” деган бош ғоя асосида умумхалқ сайиллари шаклида юқори савияда кенг нишонлаш бўйича Ўзбекистон Республикаси Президентининг қарори қабул қилинди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Иккинчи жаҳон уруши қатнашчиларини рағбатлантириш тўғрисида"ги Фармони

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында"ғы Пәрманы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
«Жүўери гүртик күни» кең түрде белгиленди

Соңғы жылларда 25-февраль сәнеси «Жүўери гүртик күни» сыпатында кең түрде белгилениўи дәстүрге айланып үлгерген ҳәм сәне мүнәсибети менен усы жылда да ҳәр қыйлы илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Бүгин Нөкис қаласындағы «Қарақалпақ аўылы» әжайып этно-туристлик орнында «Жүўери гүртик күни» байрам сыпатында кең түрде белгиленди.

Толық оқыў

«Жүўери гүртик куни» кенг турда нишонланди


Сўнгги йилларда 25 февраль санаси «Жүўери гүртик куни» сифатида кенг нишонланиши анъанага айланиб улгурган ва сана муносабати билан жорий йилда ҳам турли тадбирлар ўтказилиши режалаштирилган.

Бугун Нукус шаҳридаги «Қорақалпоқ овули» ажойиб этно-туристик масканида «Жүўери гүртик куни» байрам сифатида кенг турда нишонланди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
📃Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-февральдағы «Үй жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-26-санлы Пәрманы қабыл етилди

✔️Усы Пәрман менен быйылғы жылда ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң мақсетли көрсеткишлери тастыйықланған болып, ипотека кредитлери бойынша субсидиялар саны өткен жылға салыстырғанда 1,5 есеге арттырылды ҳәмде бағдарлама шеңберинде 30 000 талабанларға ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыў белгиленбекте.

✔️Бунда, ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң тастыйықланған мақсетли көрсеткишлери шеңберинде арзаларды қабыллаў 2025-жылдың 3-март күни саат 09:00 де басланатуғынлығын мәлим етемиз.

️📣Ҳүрметли пуқара!
Сиз Мәмлекетлик хызметлер орайларына барған ҳалда ямаса “my.gov.uz” Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында төмендеги силтеме арқалы еркин түрде арза тапсырыўыңыз мүмкин.
Силтеме: https://my.gov.uz/oz/service/325

📌Еслетпе: арза бериўши ҳәм/ямаса оның жақын ағайинлериниң (бунда, жақын ағайинлер арзада көрсетилген жағдайларда) орташа дәрамат муғдары:

➡️ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен (3 млн 118 мың 500 сум) 8 есесине шекем (9 млн 240 мың сум);

➡️ Ташкент қаласында - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен (3 млн 118 мың 500 сум) 9,2 есесине шекем (10 млн 626 мың сумға шекем) болыўы зәрүр.

➡️ Арза бериўшиде, соның ишинде, оның өмирлик жолдасының атында республиканың барлық аймақлары көлеминде мүлк ҳуқықы менен турақ жай болмаўы керек.

📃 Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2025 йил 21 февралдаги “Уй-жой ва ипотека бозорини янада ривожлантиришга оид қўшимча чора-тадбирлари тўғрисида”ги ПФ–26-сонли Фармони қабул қилинди

✔️Ушбу Фармон билан жорий йилда ипотека кредитлари бўйича субсидиялар тўлашнинг мақсадли кўрсаткичлари тасдиқланган бўлиб, ипотека кредитлари бўйича субсидиялар сони ўтган йилгига нисбатан 1,5 бараварга оширилди ҳамда дастур доирасида 30 000 нафар талабгорларга ипотека кредитлари бўйича субсидиялар ажратиш белгиланмоқда.

✔️Бунда, ипотека кредитлари бўйича субсидиялар тўлашнинг тасдиқланган мақсадли кўрсаткичлари доирасида аризалар қабул қилиш 2025 йилнинг 3 март куни соат 09:00 да бошланишини маълум қиламиз.

📣Ҳурматли фуқаро!
Сиз Давлат хизматлари марказларига бевосита борган ҳолда ёки “my.gov.uz” Ягона интерактив давлат хизматлари порталида қуйидаги ҳавола орқали мустақил равишда ариза топширишингиз мумкин.
Ҳавола:

📌Эслатма: ариза берувчи ва/ёки унинг яқин қариндошларинг (бунда, яқин қариндошлар аризада кўрсатилган ҳолларда) ўртача даромад миқдори:

➡️ Қорақалпоғистон Республикаси ва вилоятларда — меҳнатга ҳақ тўлашнинг энг кам миқдорининг 2,7 бараваридан (3 млн 118 минг 500 сўм) 8 бараваригача (9 млн 240 минг сўм);

➡️ Тошкент шаҳрида — меҳнатга ҳақ тўлашнинг энг кам миқдорининг 2,7 бараваридан (3 млн 118 минг 500 сўм) 9,2 бараваригача (10 млн 626 минг сўмгача) бўлиши зарур.

➡️ Ариза берувчида, шу жумладан, унинг турмуш ўртоғининг номида республиканинг барча ҳудудлари миқёсида мулк ҳуқуқи билан турар жой мавжуд бўлмаслиги лозим.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Кегейли районында көше бийлери менен пикирлести

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Бердибек Сейтназаров Кегейли районында болып, район сектор басшылары менен биргеликте Мәденият, Нурлы бостан МПЖ ҳәм Абат, Ақтуба, Жаңабазар ҳәм Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм көше бийлери менен ушырасты.

Толық оқыў

Жўқорғи Кенгес қўмита раиси Кегейли туманида кўча бошилари билан мулоқот қилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг қўмита раиси Бердибек Сейтназаров Кегейли туманида бўлиб, туман сектор раҳбарлари билан биргаликда Мәденият, Нурлы бостан МФЙ ҳәм Абат, Ақтуба, Жаңабазар ва Қумшүнгил овул фуқаролар йиғинлари ҳудудидаги маҳалла еттилиги ва кўча оқсоқоллари билан учрашди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
22.02.202505:24
"Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылына мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди

«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

️🔰Пәрманға муўапық, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында мәмлекет раўажланыўының баслы көзқараслары етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

🔹мәҳәллелердиң экологиялық көринисин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў;

🔹халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў;

🔹тәбийий ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў;

🔹өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў;

🔹"жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климаттың өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў;

🔹республика энергобалансында қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында ири «жасыл энергия» станцияларын қурыў, аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын кеңейтиў, пуқаралардың үйлеринде қуяш панельлерин орнатыўды хошаметлеў.

❗️ “Атроф-муҳитни асраш ва “яшил иқтисодиёт” йилига мўлжалланган давлат дастури қабул қилинди


“Ўзбекистон – 2030” стратегиясини “Атроф-муҳитни асраш ва “яшил иқтисодиёт” йилида амалга оширишга оид давлат дастури тўғрисида"ги Президент Фармони
қабул қилинди.

🔰 Фармонга кўра, “Атроф-муҳитни асраш ва “яшил иқтисодиёт” йилида мамлакат ривожланишининг устувор ёндашувлари этиб қуйидагилар белгиланди, жумладан:

🔹маҳаллаларнинг экологик қиёфасини яхшилаш, кўчаларда яшиллик даражасини ошириш, экологик жиҳатдан қулай ва фаровон яшаш муҳитини шакллантириш;

🔹аҳолининг саломатлигини яхшилаш, экологик турмуш тарзини шакллантириш ва инсон салоҳиятини рўёбга чиқариш учун шарт-шароитларни яратиш;

🔹табиий ресурсларни тежаш ва улардан оқилона фойдаланиш, экологик барқарорликни таъминлаш;

🔹ўсимлик ва ҳайвонот дунёсини асраш, кўпайтириш ва кейинги авлодга етказиш ҳамда биологик хилма-хилликни сақлаш;

🔹“яшил иқтисодиёт” тамойилларини кенг жорий қилиш, иқтисодиётни иқлим ўзгаришига мослаштиришга қаратилган лойиҳаларни барқарор молиялаштириш;

🔹республика энергобалансида қайта тикланувчи энергия улушини ошириш, шу жумладан, давлат-хусусий шериклик асосида йирик “яшил энергия” станцияларини барпо этиш, ҳудудларда кичик ва микро гидроэлектр станциялари тармоғини кенгайтириш, аҳоли хонадонларида қуёш панелларини ўрнатишни рағбатлантириш.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Иккинчи жаҳон урушида қозонилган ғалабанинг 80 йиллиги ҳамда Хотира ва қадрлаш кунига тайёргарлик кўриш ва муносиб нишонлаш тўғрисида"ги қарори

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм мүнәсип белгилеў ҳаққында»ғы қарары

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
«Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы» естелик юбилей медалы шөлкемлестирилди

Юбилей медалы менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары - «1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыста Германия үстинен ерисилген жеңис ушын» ҳәм «Япония үстинен ерисилген жеңис ушын» медаллары менен, урыс жылларында жаўынгерлик хызметлери ушын басқа орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған ямаса урыс қатнасыўшысы гүўалығына ямаса Ўатандарлық урыс майыбы гүўалығына ийе болған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилгенлер, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы фронт арты мийнет ветеранлары, соның ишинде, «1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыстағы мәртлик мийнети ушын», «Мийнеттеги ерлиги ушын», «Мийнетте өрнек көрсеткени ушын» медалларына ямаса 1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде Қураллы Күшлерде пуқара шахсларды еркин жаллаў бойынша штат лаўазымында болғанлығы ҳаққындағы гүўалыққа ийе болған мийнет фронты қатнасыўшылары сыйлықланады.

«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» эсдалик юбилей медалини таъсис этилди

Юбилей медали билан Ўзбекистон Республикаси фуқаролари – “1941-1945 йиллардаги Улуғ Ватан урушида Германия устидан қозонилган ғалаба учун” ва “Япония устидан қозонилган ғалаба учун” медаллари билан, уруш йилларида жанговар хизматлари учун бошқа орден ва медаллар билан мукофотланган ёки уруш қатнашчиси гувоҳномасига ёхуд Ватан уруши ногирони гувоҳномасига эга бўлган Иккинчи жаҳон уруши қатнашчилари ва уларга тенглаштирилганлар, шунингдек, Иккинчи жаҳон уруши йилларидаги фронт орти меҳнат фахрийлари, шу жумладан, “1941-1945 йиллар Улуғ Ватан урушидаги шавкатли меҳнати учун”, “Меҳнатдаги жасорати учун”, “Меҳнатда ўрнак кўрсатганлиги учун” медалларига ёки 1941-1945 йиллардаги уруш даврида Қуролли Кучларда фуқаро шахсларни эркин ёллаш бўйича штат лавозимида бўлганлиги тўғрисидаги гувоҳномага эга бўлган меҳнат фронти қатнашчилари мукофотланади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
25.02.202505:27
Бүгин Қарақалпақстанда “Жүўери гүртик күни”

Бүгин, 25-февраль Нөкис қаласындағы Қарақалпақ этно аўылында “Жүўери гүртик күни” байрам илажы болып өтеди.

Бугун Қорақалпоғистонда " Жүўери гүртик куни"

Бугун, 25 февраль Нукус шаҳридаги Қорақалпоқ этно овулида " Жүўери гүртик куни" байрам тадбири бўлиб ўтади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
24.02.202505:41
Ҳәзирги ўақытта ҳәр қандай шаңараққа қуяш панелин орнатыў қәрежетлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен субсидиялаў арқалы қаплап берилиўи жолға қойылған болып, бул өз гезегинде социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралар ушын жүдә қолайлы имканият болды.

Усы тийкарда Шымбай районындағы бир қатар пуқаралардың турақ жайларына қуяш панельлери орнатып берилди.

Ҳозирги вақтда ҳар қандай хонадонга қуёш панелини ўрнатиш харажатларининг бир қисми давлат томонидан субсидиялаш орқали қоплаб берилиши йўлга қўйилган бўлиб, бу ўз навбатида ижтимоий ҳимояга муҳтож фуқаролар учун жуда қулай имконият бўлди.

Шу асосда Чимбой туманидаги бир қатор фуқароларнинг турар жойларига қуёш панеллари ўрнатиб берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
22.02.202510:07
Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген айырым шаңарақларға субсидия ажыратылады

Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-апрельден «Жаслар дәптери» фондлары арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса «Ҳаяллар дәптери» фондлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын нәзерде тутылған напақалар төленеди.

️🗓 2025-жыл 1-майдан «Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды арқалы қаржыландырылады.

📌 2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем орнына усы аймақларда жасаўшы Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Бунда субсидия қәрежетлердиң 90 проценти, бирақ, БЕМның 30 есесинен көп болмаған муғдарда ажыратылады. ️

📕 2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.

📁Район (қала) ҳәкимликлери жанында «Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық» фондлары шөлкемлестириледи.

Камбағал оилалар реестрига киритилган айрим оилаларга субсидия ажратилади

🔰 Фармонга кўра, 2025 йил 1 апрелдан “Ёшлар дафтари” жамғармалари орқали, 2025 йил 1 сентябрдан эса “Аёллар дафтари” жамғармалари орқали тўланадиган бир марталик моддий ёрдамлар ўрнига кам таъминланган оилалар учун назарда тутилган нафақалар тўланади.

🗓 2025 йил 1 майдан “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари ҳисобидан даволаш ва жарроҳлик амалиётини ўтказиш харажатлари Давлат тиббий суғуртаси жамғармаси орқали молиялаштирилади.

📌 2025 йил 1 апрелдан Қорақалпоғистон Республикаси ва Хоразм вилоятида муҳтож оилаларга бир марта бериладиган моддий ёрдам ўрнига ушбу ҳудудларда яшовчи Камбағал оилалар реестрига киритилган оилаларга уй-жойида артезиан қудуқ қазиш, сув насосларини ўрнатиш ҳамда ичимлик сув фильтрларини харид қилиш харажатларини қоплаш учун субсидия ажратиш тартиби жорий этилади.

❕Бунда субсидия харажатларнинг 90 фоизи, бироқ БҲМнинг 30 бараваридан кўп бўлмаган миқдорда ажратилади.

📕 2025 йил 1 майдан озодликдан маҳрум этиш жойларидан озод қилинган шахсларга БҲМнинг 6 баравари миқдоридаги бир марталик нафақа пули “Инсон” ижтимоий хизматлар марказлари орқали тўланади.

📁 Туман (шаҳар) ҳокимликлари ҳузурида “Инфратузилма ва ижтимоий барқарорлик” жамғармалари ташкил этилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Спорт тараўын еле де раўажландырыў бойынша тараў ўәкиллери менен пикирлесилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Толық оқыў

Спорт соҳасини янада ривожлантириш бўйича соҳа вакиллари билан мулоқот ўтказилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев спорт соҳаси вакиллари, масъуллар, федерация раҳбарлари билан учрашди.

Унда Вазирлар Кенгашининг Раиси Ф.Эрманов иштирок этди.

Учрашувда 2024 йилда спорт мактабларида спортчи-ёшларни тайёрлашда амалга оширилган чора-тадбирлар ва олдиндаги вазифалар ҳамда спорт федерацияларининг ишлари ҳақидаги масалалар кўриб чиқилди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
❗️Енди, Қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған шаңарақ ийелери үш есе жоқары салық төлейди

Пуқаралардың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен ҳәр шеректе үйрениў алып барылады.

Үйрениў даўамында үйдеги қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринде егин егилмеген ҳәм қараўсыз қалдырылған болса төмендеги илажлар қолланылады.

🔹Жеңиллетилген кредитлер ажыратылмайды.

🔹Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын жәрдемлер (материаллық жәрдем ямаса бала пулы сыяқлы) тоқтатылады.

🔹Жер салығы үш есе жоқары муғдарда есапланады.

❗️Энди, Томорқасини қаровсиз қолдирган хонадон эгалари уч карра юқори солиқ тўлайди

Аҳоли томорқаси ва ижарага берилган ер майдонларидан самарали фойдаланиш бўйича ҳоким ёрдамчиси томонидан ҳар чоракда ўрганиш олиб борилади.

Ўрганиш давомида хонадондаги томорқа ва ижара ерларида экин экилмаган ва қаровсиз қолдирилган бўлса қуйидаги чоралар қўлланилади.

🔹Имтиёзли кредитлар ажратилмайди.

🔹Ижтимоий ҳимоя ягона реестрига киритилган фуқаролар учун ёрдамлар (моддий ёрдам ёки бола пули каби) тўхтатилади.

🔹Ер солиғи уч карра юқори миқдорда ҳисобланади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Показано 1 - 24 із 255
Увійдіть, щоб розблокувати більше функціональності.