24.04.202511:31
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Нызам (ӨРН-1054-санлы, 10.04.2025 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
🔰Оған көре, "Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында"ғы ҳәм де "Нызамлар жойбарларын таярлаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў тәртиби ҳаққында"ғы нызамларға нызам жойбарын парламентке киргизиўде нызам жойбарының ҳәм халықаралық шәртнама жойбарының (текстиниң) өткерилген ҳуқықый экспертизасы нәтийжелерин нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилмекте.
✔️Сондай-ақ, нызам жойбарының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳәм ол бойынша өткерилген жәмийетлик додалаў нәтийжелерин усыныў ҳаққындағы талап белгиленбекте.
📝Буннан тысқары, нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине өзи киргизген нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилгенге шекем Олий Мажлис Нызамшылық палатасына усыныс киргизиў арқалы оны шақырып алыў ҳуқықын бериўдиң ҳуқықый тийкары белгиленбекте.
📌 Киргизилип атырған қосымшаларға көре, нызам күшке кирген күннен баслап 5 жыл өткеннен соң, жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың ҳәм Олий Мажлис палаталары комитетлериниң басламасы менен нызамның нәтийжелилигин, онда белгиленген мақсетке ҳәм күтилип атырған нәтийжелерге ерисилгенлигин анықлаў ушын нызамның тәртипке салыў тәсири баҳалаўынан өткерилиўи мүмкин.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️Нызамлардың социаллық қатнасықларды тәртипке салыўдағы роли еле де беккемленеди

24.04.202510:43
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-147-санлы, 21.04.2025 ж.) қабыл етилди.
⚡️️ Қарарға көре, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, устав фондында (устав капиталында) мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлериндеги коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимшелериниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
🔹 коррупция жағдайларын ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў, оларға имканият беретуғын себеп ҳәм шараятларды сапластырыў;
🔹 мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде коррупциялық факторларды сапластырыў, турмыслық коррупцияның алдын алыў, соның ишинде, санластырыў, бюрократияны қысқартыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
🔹 уйымлық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў ҳәм жуўмақлары бойынша анықланған коррупциялық нормаларды бийкарлаў бойынша усыныс киргизиў.
📜Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери өз жумысында тиккелей шөлкемниң биринши басшысына бойсынады ҳәм оның алдында есап береди.
📋Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлерин шөлкемлестириўдиң минимал критериялары тастыйықланды.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға маўасасыз мүнәсибет қәлиплестириледи

24.04.202507:39
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-71-санлы, 21.04.2025 ж.) қабыл етилди.
🔰Пәрманға көре, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң 2025-жыл 5-мартта өткерилген кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм әмелий илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
🏢Коррупция ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде парламенттиң ролин түптен арттырыў мақсетинде Олий Мажлис палаталарына төмендегилер усыныс етилди:
🔹ҳәр жылы бюджеттен ең көп қаржы алатуғын үш министрлик ҳәм уйымда коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў;
🔹 министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымына талабанлар тийислисинше Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары кеңеслеринде көрип шығылып атырғанда олар тәрепинен коррупцияның алдын алыў бойынша анық реже қорғалыўына байланыслы тәртипти нызам ҳүжжетлеринде белгилеў;
🔹 халықаралық тәжирийбени үйренип, кибермәканда коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиў бойынша беккем ҳуқықый база жаратыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
🔹 исши топар дүзип "жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәптелиги"нде ҳәр айдың 1-5 сәнелеринде "қызыл" категориядағы мәҳәллелерде жынаятлардың келип шығыў себеплерин терең таллаў;
🔹аймақлық прокурорлар ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар бериў ҳәм де халықшыл басламалар тийкарында нызамларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️Коррупцияға қарсы гүресиў системасы еле де жетилистириледи

21.04.202510:27
#Коррупция_қәўипли_иллет
📑 Пуқаралар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң коррупцияға қарсы экспертизасын өткериўде қатнасыўы мүмкин
❗️Бул бойынша жоқарыда көрсетилген тарқатпа материал арқалы толық мағлыўматқа ийе боласыз.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
📑 Фуқаролар норматив-ҳуқуқий ҳужжатларнинг коррупцияга қарши экспертизасини ўтказишда иштирок этиши мумкин
️❗️Бу бўйича юқорида кўрсатилган тарқатма материал орқали батафсил маълумотга эга бўласиз.

21.04.202505:15
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (212-санлы, 09.04.2025 ж.) қабыл етилди.
🔖Қарарға муўапық 2025-жыл 1-майдан:
🔹республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалап барылады;
🔹республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшылары усы қарар талаплары тийкарында Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен аттестациядан өткериледи.
✔️Қарар менен "Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери ҳаққында"ғы Үлги Реже тастыйықланды.
✔️Усы Реже республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң ўазыйпалары ҳәм функциялары, жумысын шөлкемлестириў тәртибин ҳәм де оларға қойылатуғын талапларды белгилейди.
📝Бөлим баслығы лаўазымына, әдетте, жоқары мағлыўматқа ийе болған, кеминде 2 жыл мийнет стажына ийе болған, мийнет ҳаққындағы нызамшылықты өзлестирген, инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыў сондай-ақ, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм шахсқа байланыслы мағлыўматлар менен ислесиў бойынша билимлерге ийе болған шахслар тайынланады.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️Мәмлекетлик уйымлардың инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы нәтийжели шөлкемлестириледи

18.04.202507:17
🔖Қарақалпақстан Республикасында өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳəм онда қурылған имаратларға ҳуқықларды тǝн алыў басланды
❗️Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди.
Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм де имарат ҳəм объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи.
Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта.
2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳелледе 19 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7 854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.
Нызам орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен турақлы қадағалаўға алынған болып, республиканың барлық аймақларында реже-график тийкарында ҳуқықларды тəн алыў жумыслары даўам еттириледи.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️
🔖Қорақалпоғистон Республикасида ўзбошимчалик билан эгалланган ер участкаларига ва унда қурилган иморатларга ҳуқуқларни эътироф этиш бошланди
❗️Ҳурматли Президентимизнинг топшириғига асосан «Ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер участкаларига ҳамда уларда қурилган бинолар ва иншоотларга бўлган ҳуқуқларни эътироф этиш тўғрисида»ги Қонун қабул қилинган эди.
Қонун билан фуқаролар ва тадбиркорларнинг мулкка бўлган ҳуқуқлари тартибга солинади, фуқаролар ўртасидаги мулкчилик, шунингдек, мерослар билан боғлиқ низоларга ечим топилади. Бундан ташқари, аҳолининг ижтимоий масалалари (доимий рўйхатга қўйиш, моддий ёрдам олиш, мактаб, боғчага жойлаштириш) ҳамда бино ва объектларни коммунал тармоқларга улаш бўйича масалалари ҳал этилади.
Қонун талабларининг бажарилишини таъминлаш мақсадида юртимизнинг барча ҳудудларида Давлат кадастрлари палатаси мутахассислари томонидан маҳаллаларда хатлов ишлари олиб борилмоқда. Хатлов натижаларига кўра ҳар бир объект ҳақида маълумотлар ва комиссия хулосалари etirof.kadastr.uz тизимига киритилиб борилмоқда.
2025 йил 18 апрель кунги маълумотга кўра, Қорақалпоғистон Республикасида 80 маҳаллада 19 349 та турар жой ва нотурар жой объектлари хатловдан ўтказилиб, 7 854 та объект автоматлаштирилган ахборот тизимига киритилди. Шундан, 5375 объект комиссияда ва 2479 та объект жамоатчиликка эълон қилинган.
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг сессия қарори билан Чимбой, Кегейли, Тахтакўпир, Қораўзак ва Амударё туманларидаги 24 та уй-жой эгаларининг ўзбошимчалик билан ва ортиқча эгаллаган ерларига, уларда қурилган турар жойларига ижара ва мулк ҳуқуқлари эътироф этилди.
Қонун ижроси Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан доимий назоратга олинган бўлиб, республиканинг барча ҳудудларида режа-график асосида ҳуқуқларни эътироф этиш ишлари давом эттирилади.

24.04.202511:16
#2025_жыл_1_майдан
⚠️️Нызамшылыққа көре, өз жумысын ЖТИ, микрофирма яки киши кәрхана категориясына шекем кеңейттирген өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм исбилерменлерге төмендеги муғдарларда гиреўсиз кредитлер бериледи:
➖Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде - 50 миллион сўмға шекем,
➖Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплекс бағдарламасы шеңберинде - 150 миллион сўмға шекем.

22.04.202509:33
#Билесизбе
🔰Нызамшылықта жасқа байланыслы пенсия ҳәм жасқа байланыслы напақа түсиниклери бар болып, олар бир-биринен түрлише парықланады ҳәм қолланылады.
1️⃣Соған көре:
🔹Жасқа байланыслы пенсия, мәмлекетлик пенсия түрлеринен бири есапланып, оны алыў ҳуқықына ер адамлар - 60 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болған жағдайда, ҳаял-қызлар болса - 55 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда ийе болады.
🔹Жасқа байланыслы напақа, нызамшылықта белгиленген тәртипте тайынланатуғын напақалардан бири есапланып, ол балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға - 55 жас, ҳаялларға - 60 жас ҳәм ерлерге - 65 жасқа толғанда тайынланады.
📜Нызамда белгиленген шәртлерге ҳәм нормаларға муўапық мәмлекетлик пенсияны тайынлаў ушын зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы шахслар ҳәм балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналар жасқа байланыслы напақаны алыў ҳуқықына ийе.

21.04.202510:17
#Коррупция_қәўипли_иллет
💵"Коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасын енгизиў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары менен байланыслы мағлыўматты жоқарыда көрсетилген тарқатпа материал арқалы билиўге болады.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
💵"Коррупцияга қарши курашиш ишларининг самарадорлигини рейтинг баҳолаш тизимини жорий этиш чора-тадбирлари тўғрисида"ги Президент қарори билан боғлиқ маълумотни юқорида кўрсатилган тарқатма материал орқали билиш мумкин.

21.04.202504:55
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаўдың күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (214-санлы, 09.04.2025 ж.) қабыл етилди
🔰Қарарға көре, әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғанлық (ижарада турғанлық) ушын төлеп берилетуғын айлық пул компенсациясы муғдары 20 процентке арттырылды. Онда пул компенсациясы муғдарларына төмендегише өзгерис киргизилди:
▪️Ташкент қаласында - БЕМның 4,8 есесине шекем;
▪️Нөкис қаласында ҳәм ўәлаятлар орайларында - БЕМның 3,6 есесине шекем;
▪️республиканың басқа қалалары, районлар орайлары ҳәм елатлы пунктлеринде - БЕМның 2 есесине шекем.
✔️Сондай-ақ, 2025-жыл 1-июннан нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланатуғын ипотека кредитлерин ажыратыў көрсеткишлери тийкарында турақ жай менен тәмийинленетуғын, календарь есабында 10 жылдан артық әскерий хызметти өтеген әскерий хызметкерлерге турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын ипотека кредити алыныўында ажыратылатуғын дәслепки төлем муғдары турақ жайдың есапланған баҳасы 35 проценти муғдарында белгиленди.
📌Алдын бул муғдар ҳәмме ушын 25 процентти қураған.
✔️Қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм майыплығы болған әскерий хызметкерлерди биринши гезекте турақ жай менен тәмийинлеў, егер олар узақ мүддетли жеңиллетилген ипотека кредити тийкарында турақ жай менен тәмийинленген болса, қайтарылмаған кредит муғдары ҳәм кредит бойынша есапланған процентлер Мәмлекетлик бюджет есабынан толық қаплап бериледи.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️Әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғанлық ушын төленетуғын компенсация муғдары арттырылды

18.04.202504:34
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
❗️Бу ҳақида Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлигининг Режалаштириш ва назорат-таҳлил шўбаси бошлиғи И.Алдабергенов маълумот берди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
⚡️"Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ төлемлериниң бир бөлеги компенсация етип бериледи"
❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
⚡️"Кам таъминланган оилаларга электр ва газ тўловларининг бир қисми компенсация қилиб берилади"
❗️Бу ҳақида Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлигининг Режалаштириш ва назорат-таҳлил шўбаси бошлиғи И.Алдабергенов маълумот берди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.202509:03
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Нызам (ӨРН-1055-санлы, 10.04.2025 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди
⚠️️Нызамға муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлардан, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан ҳәм де оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданлардан жүргизгенлиги, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық етиўши нызамсыз тосықлар ҳәм басқа қурылмалар орнатылғанлығы, сондай-ақ жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған сызығы бар жолдан транспорт қураллары ҳәрекетленгенлиги менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленетуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
🔰Киритилген қосымшаға көре, жөнелисли транспорт қураллары ушын өз алдына ажыратылған сызығы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи (рухсат етилген жағдайлар буған кирмейди):
➖БЕМның 1 есеси муғдарында жәрийма салыўға;
🔸тап сондай ҳуқықбузарлықты ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин 1 жыл даўамында қайтадан ислеў:
➖БЕМның 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️Транспорт қуралларын пиядалар жолларынан жүргизгенлик ушын жуўапкершилик белгиленди

21.04.202505:37
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
✔️Қарарға муўапық, улыўма жер майданы 5 гектардан кем болмаған аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен өзлерине қараслы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң атыз шетлеринде ишки хожалық жер дүзиў жойбарына муўапық жәми жер майданының 1 процентине, бирақ 20 сотоктан көп болмаған өлшемде жер участкасынан рухсат етилген пайдаланыўдың тийкарғы түрине сәйкес болған суўытқышлы қоймаханалар, сайлап алыў, кептириў, қайта ислеў, қадақлаў, суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм суў сақлаў объектлерин қурыўға рухсат етиледи.
❇️️2025-2026-жылларда мийўе-палыз өнимлерин халық қыйтақ жерлери, дийқан ҳәм фермер хожалықларынан жыйнап, сайлап, заманагөй қадақлап шәртнама тийкарында реализация еткен аўыл хожалығы кооперативлерине қадақ қәрежетлериниң 25 проценти, бирақ ҳәр бир қадақ ушын 3 мың сўмнан көп болмаған муғдарда қаплап бериледи. Бунда:
▪️аўыл хожалығы кооперативлериниң мийўе-палыз өнимлерин жыйнаўшы ҳәм таярлаўшы ағзалары өнимлерди сапалы таярлаў ҳәм экспортқа шығарыў бойынша “Edukarantin.uz” мәлимлеме системасы арқалы оқып, сертификатқа ийе болыўы лазым;
▪️сертификатқа ийе болған аўыл хожалығы кооперативлери ҳәм олардың ағзаларының "Agroko‘makchi" мобиль қосымшасында "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категориялар бойынша рейтинг системасы жүргизиледи.
🟢 Буннан тысқары, мийўе-палыз өнимлери экспортын нәтийжели шөлкемлестириў, сапалы транспорт-логистика (автомобиль, темир жол ҳәм авиа тасыў) хызметлерин көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде "E-logistika" платформасында экспортёр ҳәм тасыўшы кәрханалардың тиккелей ислеў имканияты тәмийинленеди.

17.04.202507:56
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм қайта ислеў шынжырын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-136-санлы, 08.04.2025 ж.) қабыл етилди.
🔰Қарарға көре, 2025-2026-жылларда аўыл хожалығы өнимлери экспортын арттырыў ҳәм де қосымша қун шынжырын жаратыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
🔸2025-жылда мийуе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин жәми 3,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў;
🔸2025-жылдың ақырына шекем 8 мәмлекетке жаңа 30 түрдеги өнимлер экспорты ушын фитосанитариялық рухсатнамаларды алыў;
🔸2025-жылы перспективалы базарларға 442 миллион АҚШ доллары, 2026-жылы 575 миллион АҚШ доллары муғдарындағы мийўе-палыз өнимлериниң экспортын тәмийинлеў;
🔸2025-жылда аймақларда жәми 2,1 миллион тонна мийўе-палыз өнимлери ушын қадақлар ислеп шығарыў бойынша 40,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў.
✔️️2028-жыл 1-январьға шекем мийўе-палыз өнимлерин заманагөй қадақларда реализацияға шығаратуғын ҳәм де төмендеги барлық шәртлерге бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм өзлериниң хызметкерлери ушын физикалық шахслардан алынатуғын социаллық салық ставкалары 1 процент етип белгиленеди:
▪️ҳәр айда ҳәр бир хызметкерге ис ҳақы муғдары мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының 2 есесинен кем болмаған муғдарда есапланғанда;
▪️заманагөй қадақланған мийўе-палыз өнимлерин салық дәўиринде реализациялаўдан түскен улыўма түсим жәми товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәраматтың кеминде 50 процентин қурағанда;
✔️2027-жыл 1-апрельге шекем собықлы өнимлерди егиў, жыйнап алыў ҳәм сайлап алыў үскенелери импорты ушын бажыхана бажысының 1 процентлик ставкасы қолланылады.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️Мийуе-палыз өнимлерин реализацияға шығаратуғын айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

24.04.202510:44
#2025_жыл_1_майдан
🔖Нызамшылыққа көре, төмендегилерди нәзерде тутыўшы "Ҳәмкор тадбиркор" бағдарламасы жолға қойылады:
🔹Өз бизнесин шөлкемлестирмекши болған ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў;
🔹кооперация тийкарында ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысын жолға қойыўға жәрдемлесиў;
🔹жергиликли ҳәм халықаралық электрон платформаларда ҳаял-қызларға өз өнимлерин жайластырыў ҳәм сатыўға жәрдемлесиў.

24.04.202507:51
#Тутыныўшы_ҳуқықлары
🔖️Нызамшылыққа көре, тәрезилер ҳәм басқа да өлшеў үскенелери сатыўшы-хызметкерлердиң жумыс орынларында қарыйдарлар товарды өлшеў ҳәм бериўдиң пүткил процессин көретуғын етип орнатылыўы керек.
⚖️️Сондай-ақ, 3 ҳәм оннан көп жумыс орны бар азық-аўқат дүканларының саўда залларында қадағалаў тәрезилери орнатылыўы лазым. Майданы 1500 кв.м ҳәм оннан артық болған саўда залларында қадағалаў тәрезилери 2 жерде орнатылады.

21.04.202505:29
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
️❗️Бу ҳақида Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлигининг Режалаштириш ва назорат-таҳлил шўбаси бошлиғи И.Алдабергенов маълумот берди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
⚡️"Автомобиль транспортында жолаўшы тасыў жумысын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында" Ҳүкимет қарары қабыл етилди
❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
⚡️"Автомобиль транспортида йўловчи ташиш фаолиятини тартибга солиш бўйича қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида" Ҳукумат қарори қабул қилинди
️❗️Бу ҳақида Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлигининг Режалаштириш ва назорат-таҳлил шўбаси бошлиғи И.Алдабергенов маълумот берди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Показано 1 - 24 из 416
Войдите, чтобы разблокировать больше функциональности.