Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Труха⚡️Україна
Труха⚡️Україна
Николаевский Ванёк
Николаевский Ванёк
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Мир сегодня с "Юрий Подоляка"
Труха⚡️Україна
Труха⚡️Україна
Николаевский Ванёк
Николаевский Ванёк
Huqıqıy málimleme QR ️️ avatar

Huqıqıy málimleme QR ️️

Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.
▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
TGlist рейтингі
0
0
ТүріҚоғамдық
Растау
Расталмаған
Сенімділік
Сенімсіз
Орналасқан жеріУзбекістан
ТілБасқа
Канал құрылған күніDec 08, 2024
TGlist-ке қосылған күні
Dec 08, 2024

Рекордтар

17.01.202519:17
6.6KЖазылушылар
16.04.202512:20
900Дәйексөз индексі
20.01.202521:19
1.1K1 жазбаның қамтуы
05.02.202523:59
1KЖарнамалық жазбаның қамтуы
29.12.202409:21
0.94%ER
05.02.202523:59
16.99%ERR
Жазылушылар
Цитата индексі
1 хабарламаның қаралымы
Жарнамалық хабарлама қаралымы
ER
ERR
JAN '25FEB '25MAR '25APR '25

Huqıqıy málimleme QR ️️ танымал жазбалары

🔖Қарақалпақстан Республикасында өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳəм онда қурылған имаратларға ҳуқықларды тǝн алыў басланды

❗️Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди.

Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм де имарат ҳəм объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи.

Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта.

2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳелледе 19 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7 854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Нызам орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен турақлы қадағалаўға алынған болып, республиканың барлық аймақларында реже-график тийкарында ҳуқықларды тəн алыў жумыслары даўам еттириледи.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️

🔖Қорақалпоғистон Республикасида ўзбошимчалик билан эгалланган ер участкаларига ва унда қурилган иморатларга ҳуқуқларни эътироф этиш бошланди

❗️Ҳурматли Президентимизнинг топшириғига асосан «Ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер участкаларига ҳамда уларда қурилган бинолар ва иншоотларга бўлган ҳуқуқларни эътироф этиш тўғрисида»ги Қонун қабул қилинган эди.

Қонун билан фуқаролар ва тадбиркорларнинг мулкка бўлган ҳуқуқлари тартибга солинади, фуқаролар ўртасидаги мулкчилик, шунингдек, мерослар билан боғлиқ низоларга ечим топилади. Бундан ташқари, аҳолининг ижтимоий масалалари (доимий рўйхатга қўйиш, моддий ёрдам олиш, мактаб, боғчага жойлаштириш) ҳамда бино ва объектларни коммунал тармоқларга улаш бўйича масалалари ҳал этилади.

Қонун талабларининг бажарилишини таъминлаш мақсадида юртимизнинг барча ҳудудларида Давлат кадастрлари палатаси мутахассислари томонидан маҳаллаларда хатлов ишлари олиб борилмоқда. Хатлов натижаларига кўра ҳар бир объект ҳақида маълумотлар ва комиссия хулосалари etirof.kadastr.uz тизимига киритилиб борилмоқда.

2025 йил 18 апрель кунги маълумотга кўра, Қорақалпоғистон Республикасида 80 маҳаллада 19 349 та турар жой ва нотурар жой объектлари хатловдан ўтказилиб, 7 854 та объект автоматлаштирилган ахборот тизимига киритилди. Шундан, 5375 объект комиссияда ва 2479 та объект жамоатчиликка эълон қилинган.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг сессия қарори билан Чимбой, Кегейли, Тахтакўпир, Қораўзак ва Амударё туманларидаги 24 та уй-жой эгаларининг ўзбошимчалик билан ва ортиқча эгаллаган ерларига, уларда қурилган турар жойларига ижара ва мулк ҳуқуқлари эътироф этилди.

Қонун ижроси Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан доимий назоратга олинган бўлиб, республиканинг барча ҳудудларида режа-график асосида ҳуқуқларни эътироф этиш ишлари давом эттирилади.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы

🏢Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен апрель айы “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” деп жәрияланды.

📣Айлық шеңберинде:
➖билимлендириў орынларында ҳәм мийнет жәмәәтлеринде коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ҳәм мәплер соқлығысыўының алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылады;
➖“Билесизбе” хеш теги менен қызықлы материаллар, постлар, видеороликлер таярланады;
➖коррупцияның алдын алыўға қаратылған тәсиршең видеороликлер социаллық тармақлар ҳәм халық кѳп жыйналатуғын орынларда мониторларға жайластырылады.

📌Толық мағлыўматлар менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң социаллық тармақлардағы каналлары арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин
“ @huqiqiymalimleme”
“@KRAdillikMinistrligi”

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#Билесизбе

🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:


🔹мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары - 1 155 000 сўм;

🔹базалық есаплаў муғдары - 375 000 сўм;

🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - 428 000 сўм;

🔹жасқа байланыслы ең кем пенсия - 834 000 сўм;

🔹майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары - 920 000 сўм;

🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа - 920 000 сўм;

🔹белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (834 000 сўмнан) 920 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары - 920 000 сўм;

🔹зарүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа - 745 000 сўм;

🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда - 745 000 сўм.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
🔰1993-жыл 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Мәмлекетлик герб ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилген күн

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына 8 мәртебе ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти гүллан халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайды.


📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T/T
07.04.202507:02
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️
️"Эл-юрт умиди" қоры арқалы сырт елде билим алғанлар таңлаўсыз жумысқа алынады

⚡️Пәрманға көре, 2025-жылдан "Эл-юрт умиди" қорының жаңа стипендия бағдары сыпатында "Жарқын талант" жойбары енгизиледи.

🔘Бунда төмендегилер нәзерде тутылады:

▪️ҳәр жылы қәбилетли, билимге қуштар, аўыр шаңарақлық шараяты себепли оқыў имканиятына ийе болмаған кәмбағал шаңарақлар перзентлерин сырт елде оқытыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледен белсенди жасларды таңлап алыў;

▪️таңлап алынған жаслардың талантын анықлаў арқалы оларды потенциалына сәйкес сырт ел жоқары оқыў орынларына жибериў ушын таярлық курсларында оқытыў;

📜"Эл-юрт умиди" қорына усы жылы "Жарқын талант" жойбары ушын 300 миллиард сўм ажыратылады.

✔️"Эл-юрт умиди" қоры арқалы сырт мәмлекетлерде билим алып қайтқан стипендиатлар миллий кадрлар резервине тиккелей киргизиледи ҳәм де олар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелерине таңлаўсыз жумысқа алынады.

🗓 2025-жыл 1-июньнан:

🔹абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниң жоқары 100 дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде илимий дәреже (PhD ҳәм оған теңлестирилген басқа илимий дәреже) алған 35 жасқа шекемги қәнигелерге турақ жай сатып алыў ушын турақ жай жайласқан аймақтан келип шығып, он жыл мүддетке БЕМның 2 150 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады;

🔹абырайлы халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықтың әмелдеги муғдарлары 5 есеге арттырылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#Әдиллик_хабары #Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️
️Рамазан ҳайыты байрамы күни белгиленди

"Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-124-санлы, 26.03.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, мәмлекетимизде 2025-жыл 30-март күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленеди.

✔️ Бунда Рамазан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерине муўапық өткериў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылады ҳәм де ўатанласларымыз ушын Рамазан ҳайыты күнлеринде қәдирли зыярат орынлары ҳәм тарийхый қәдирли орынларға зыяратларды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараят ҳәм имканиятлар жаратылады.

📌
Рамазан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен төмендеги күнлер дем алынады:

🔹29-март (шемби) - 5 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын жумыс күни;

🔹30-март (екшемби) - Рамазан ҳайыты байрамы күни - ҳәмме ушын дем алыс күни;

🔹31-март (дүйшемби) - исленбейтуғын байрам күни дем алыс күнине туўры келиўи себепли, байрамнан кейинги жумыс күнине көширилген бәрше ушын дем алыс күни.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️
️Майыплығы болған шахслардың күтими ушын арналған медициналық буйымлар дизими тастыйықланды

Ҳүкимет қарары (175-санлы, 19.03.2025 ж.) менен "Майыплығы болған шахсларды күтиў ушын мөлшерленген медициналық буйымлар ҳәм де Майыплығы болған балалар ушын арнаўлы емлеў азық-аўқат өнимлериниң дизимлери" тастыйықланды.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
07.04.202508:33
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️
️Бажыхана институтында бакалавриатта дуал тәлим тийкарында оқытыў жолға қойылады

⚠️️Қарарға тийкар, мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм де бажыхана уйымлары жумысының нәтийжелилигин асырыў мәселелерин илимий тийкарланған тәризде үйрениў ушын Бажыхана комитети қурамында Сыртқы экономикалық жумыс илимий орайы шөлкемлестириледи.

✔️2026-жыл 1-январьға шекем Бажыхана институтында төмендеги мәлимлеме системалары енгизиледи:

▪️билимлендириў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў бойынша "Билимлендириў менеджменти" автоматластырылған мәлимлеме системасы;

▪️профессор-оқытыўшылар жумысының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў бойынша "Нәтийжелиликти баҳалаў" модули;

▪️бажыхана уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша "Малака" автоматластырылған мәлимлеме системасы.

✔️2025/2026 оқыў жылынан:

🔸бакалавриатта дуал тәлим тийкарында оқытыў жолға қойылады;

🔸магистратурада төлемли-контракт тийкарында тәлим мүддети еки жыл болған сыртқы тәлим түри енгизиледи.

✔️2025-жыл 1-июльден қамсызландырыў шөлкемлери менен бажыхана уйымлары мәлимлеме системаларын өз-ара интеграция еткен ҳалда шегара арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў механизми жолға қойылады. Бунда:

🔹бажыхана постына кирип келген автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полисин рәсмийлестириў бажыхана уйымларының мәлимлеме системалары арқалы әмелге асырылады;

🔹Бажыхана комитетиниң тийисли бағдарламалары Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграцияланады;

🔹шет мәмлекетлерде дизимнен өткерилген автотранспорт қуралларын бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полиси бар болғанда әмелге асырылады.

️📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#Билесизбе #Пенсия_ҳәм_социаллық_қорғаў

️⚠️Нызамшылыққа көре, пенсионерге есаплап шығарып қойылған, бирақ ол тәрепинен өз ўақтында талап етип алынбаған пенсия пулы пенсияны алыў мақсетинде мүрәжат етилгенинен алдынғы 24 айдан аспаған дәўир ушын төленеди.

✔️Бирақ, пенсияны тайынлаўшы ямаса төлеўши органның айыбы менен өз ўақтында алынбай қалған пенсия пулы өткен дәўир ушын мүддети шекленбеген тәризде төленеди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
07.04.202508:13
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️
Аўыл хожалығында жерден пайдаланыў нәтийжелилиги асырылады

"Аўыл хожалығында жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өним жетистириў көлемин көбейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-131-санлы, 28.03.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, барлық түрдеги аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериўде 2025-жыл 11-марттан төмендеги тәртиплер енгизиледи:

🔹электрон онлайн аукцион саўдасын өткериў ҳаққындағы хабарды жәриялаў мүддети 15 күннен 5 күнге, қайта саўдаларда - 5 күннен 1 күнге қысқартылады;

🔹қайта саўдаларда тек ғана бир талапкерден арза келип түскен жағдайда, оған усы саўдаларда жәрияланған баҳада лотты ықтыярый сатып алыў усыныс етиледи;

🔹ҳәр қайта саўдада лот баҳасы 10 проценттен басқышпа-басқыш басланғыш баҳасының 20 процентине шекем түсириледи.

🗓 2025-жыл 1-апрельден аукцион саўдаларында жер участкасына ижара ҳуқықын алыў ушын төлемлерди бөлип-бөлип төлеў ҳәм төлем толық төленгенде шегирме бериў тәртиби бийкар етиледи, усы төлемлер 15 жумыс күни ишинде толық төлениўи шәрт екенлиги белгиленди.

✳️ ️2025-2026-жылларда аукцион саўдаларына шығарылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер жәми майданының орташа 10-20 проценти шарўа ушын азықлық егинлерин егиў шәрти менен саўдаға шығарылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#Билесизбе

❗️Нызамшылыққа көре, айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда ис ҳақы усы күнлер қарсаңында төлениўи керек.

▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.202504:40
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️
️Айырым категориядағы шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады

Қарарға көре, 2025/2026-жылғы жылытыў мәўсиминде халықтың мүтәж қатламын қосымша материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылдың ноябрь айында төмендеги шаңарақларға 1 миллион сўмнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады:

🔹Реестрлерге киргизилген шаңарақларға;

🔹"мәҳәлле жетилиги" жуўмағы тийкарында Реестрлерге киргизилмеген, бирақ жәрдемге мүтәж шаңарақларға. Онда "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қосымша дизим қәлиплестирилиўинде, биринши гезекте, төмендегилер инабатқа алынады:

▪️бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар;

▪️ағзалары I ямаса II топар майыплығы болған шахслардан ибарат болған шаңарақлар;

▪️майыплығы болған балаларды бағып атырған шаңарақлар;

▪️узақ мүддетли емлениўди талап ететуғын кеселликлер менен кеселленген шахслар жасайтуғын шаңарақлар;

▪️өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы шахслар ҳәм де жалғыз жасаўшы кекселер;

▪️майыплығы болған шахслар;

▪️3 ҳәм оннан аслам шаңарақ жасайтуғын хожалықларда ҳәм де газ тәмийнаты болмаған ҳәм орайласқан тәртипте жылытылмайтуғын көп қабатлы үйлерде жасайтуғын шаңарақлар.

️📝Қосымша түрде қәлиплестирилетуғын дизимдеги шаңарақлар саны Реестрлерге киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен аспаўы керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#Коррупция_қәўипли_иллет

💵Коррупция дегенимиз не?

✔️Бул ҳаққында жоқарыда көрсетилген тарқатпа материал арқалы мағлыўмат алыўға болады.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
💵Коррупция дегани нима?

✔️Бу ҳақида юқорида кўрсатилган тарқатма материал орқали маълумот олиш мумкин.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#2025_жыл_1_апрельден

🔰Нызамшылыққа көре, "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға бериледи.

Сондай-ақ, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса - айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да бериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
#2025_жыл_1_апрельден #Ҳаял_қызлар_ҳуқықы

🔖Нызамшылыққа көре, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың жаңа инструментлери енгизиледи.

✔️Атап айтқанда, кеминде 3 ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм халықтың басқа мүтәж категориялары бәнтлиги ҳәм де социаллық белсендилигин тәмийинлеўге қаратылған социаллық жойбарларды қаржыландырыў ушын тийислисинше "Ҳаяллар дәптери", "Жаслар дәптери" ҳәм "Сақаўат ҳәм көмек" қорлары есабынан БЕМның 60 есесине шекемги муғдарда грантлар ажыратыў белгиленген.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Көбірек мүмкіндіктерді ашу үшін кіріңіз.